Мақтанышымыз

27.05.2021 13:45:59 275 Баспаға шығарыў

Спорт денсаўлығымыз гиреўи. Саламат турмыс тәризине әмел етип  атырған жерлеслеримиздиң саны күн сайын артып атыр.

Усындай спортшы жасларымыздың бири Кегейли районы ХББ не қараслы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы  Бахтияр  Султамуратов. Оның кишкене ўақтынан баслап спортқа деген қызығыўшылығы пайда болды. Мине, 4 жылдан берли спорттың бадминтон түри бойынша шуғылланып келмекте.  Тиренери  Бабанияз Сейтмуратовтан  бадминтон спорт түриниң сырларын ҳәм қағыйдаларын үйренип, бул бойынша бир қанша көнликпелерге ийе болды.Бахтияр бул топлаған тәжирийбелери тийкарында  Қарақалпақстан чемпионатында қатнасып, сыйлы орынларға ийе болыў менен бир қатарда көп ғана спортшы дослар арттырды.

Президентимиздиң 2020-жылы 30-октыябрдеги «Саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы нызамы ҳәр бир спортшы жас ушын күш-қуўат бағышлады. Оларда физикалық мәденияттың және жоқары дәрежеде раўажланыўына түртки болды. Бахтиярдың өз үстинде тынбай излениўи, талапшаңлығы, бадминтон спорт түрине деген топлаған тәжирийбелери бийкарға кетпеди.

Ол 2002-2003 жылда туўылған жаслар арасында усы жылдың 3-7-май күнлери болып өткен Өзбекистан чемпионатында спорттың бадминтон түри бойынша сыйлы  3-орынды алып, бронза медалы ийеси болды. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынына имтихансиз кириў нормативин орынлады.

Оның алдына қойған мақсетлери көп. Жоқары оқыў орынын питкерип, бадминтон спорт түрин еле де раўажландырсам, мен де тиренерим киби көплеген шәкиртлер таярлап елиме өз үлесимди қоссам деген уллы нийетлери бар.

Бахтиярдан

-Бундай жетискенликке ерисиўиңниң сыры неде?-деп сорағанымда ол:

-Анажанымның коллап қуўатлаўы, маған билдирген исеними ҳәм ақ пәтиясы-деп айтып өтти. Сондай-ақ, мектептеги устаз ҳәм мүғәллимлериниң билдирген исенимлерин айырықша толқынланып сөз етти.

Чемпионымыздың жетискенлиги, билим дәргайында үлгили оқыўшылардың бири екенлиги инабатқа алынып, мектебимиз жәмәәти тәрепинен Бахтияр Султамуратов  қосымша баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, бадминтон спорты ингилизлер тәрепинен ХIX шы әсирде ойлап табылған. Ҳәзирги күнде бул спорт түрин Қытай, Ҳиндистан, Индонезия, Малазия, Қубла Корея сыяқлы Азия мәмлекетлери тәрепинен басқарылатуғын белгили Олимпияда ойынларының бири.

     Усы орында мектебимиз мақтанышы Бахтияр Султамуратовтың еле де тәжирийбелерин арттырып келешекте Азия ҳәм Жәҳән чемпионы болыўына тилеклеслик билдиремиз.

Бийбисара Қудайназарова

Кегейли районы ХББ не қараслы 3-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң Дөретиўши мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшысы

 

27.05.2021 13:45:59 276