Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти

17.05.2021 12:34:14 316 Баспаға шығарыў

2021 жыл 12-май күни  Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ баслығы Д.Утемуратов ашты ҳәм басқарып барды.

Сессияныӊ күн тәртибинде “Темир дәптер” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳақкында Кегейли районы ҳәкиминиӊ орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-куўатлаў бөлими баслығы А.Сейтимбетов, “Ҳаяллар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳақкында Кегейли районы мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-куўатлаў бөлими баслығыныӊ биринши орынбасары Г.Хожамбергенова ҳәм “Жаслар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳақкында Кегейли районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўҳый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Г.Қайповлардыӊ баянатлары тыӊланды.

Белгиленген тәртипке бола, турмыс шәраяты жақсыланып өзин-өзи бәнт еткенлиги себепли ҳәм машқалалары өз шешимин тапқан айырым шаӊарақларды “Темир дәптери”нен шығарыў, сондай-ақ турақлы жумыс пенен тәмийинленген, кредит қаржылары ажыратылып өз исбилерменлигин баслаған  бир қатар жасларды “Жаслар дәптери”нен шығарыў ,“Саҳаўат ҳәм көмек” ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан қаржы жумсаў ҳақкындағы мәселелер депутатлар тәрепинен додаланды.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги мәселелер бойынша районлық Кеӊестиӊ социаллық-мәдений тараўды раўажландырыў, шаӊарақ, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери бойынша турақлы комиссия баслығы Б.Искендеров, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими баслығы, 19-Дослық сайлаў округинен депутат А.Төремуратовлар өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирди.

Сессияда Халық депутатлары районлық Кеӊес ўәкиллигине киретугын басқада мәселелер көрип шығылды ҳәм көрилген мәселелер бойынша тийисли шешимлер кабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

17.05.2021 12:34:14 317