Корпоратив даўлар

04.05.2021 13:57:23 202 Баспаға шығарыў

Корпорация сөзи латын тилинен аўдарма қылынғанда – дене (тело) деген мәнини аӊлатады. Бирақ, бул сөздиӊ басқа да мәниси бар болып, ол профессионал белгилерине қарап шахслардиӊ бирлесиўи деп те жүритиледи.

Демек, юридикалық шахстыӊ жоқарғы уйымын дүзген ҳәм оныӊ шөлкемлестириўшилери (қатнасыўышылары)ныӊ оны басқарыўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған юридикалық шахслар, корпоратив юридикалық шахслар деп аталады.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ
25-статьясы биринши бөлими 5-бәндине тийкар, усы Кодекстиӊ
30-статьясында көрсетилген корпоратив даўлар бойынша ислер, буннан мийнетке байланыслы даўлар тысқары, экономикалық судларына тийисли.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ
30-статьясы Корпоратив даўлар бойынша ислер белгиленген болып, оған тийкар,

Корпоратив даўлар бойынша ислер қатарына төмендегилер киреди:

1) юридикалық шахсты шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў менен байланыслы даўлар;

2) хожалық жәмийетлери ҳәм ширкетлериниӊ устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялардыӊ, үлеслердиӊ, кооперативлар ағзалары пайларыныӊ тийислилиги, оларға жүклемелер белгилеў ҳәм олардаӊ келип шығатуғын ҳуқықларды әмелге асырыў менен байланыслы даўлар, буннан хожалық жәмийетлери ҳәм ширкетлериниӊ устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды, үлеслерди, кооперативлар ағзаларыныӊ пайларын өз ишине алыўшы мийрас мал-мүлкти яки ерли-зайыплардыӊ улыўмалық мал-мүлкин бөлиў менен байланыслы жүзеге келетуғын даўлар тысқары;

3) юридикалық шахс қатнасыўшыларыныӊ (шөлкемлестириўшилериниӊ, ағзаларыныӊ) юридикалық шахс тәрепинен дүзилген питимлерди ҳақықый емас деп табыў ҳәм (яки) бундай питимлердиӊ ҳақықый емеслиги ақыбетлерин қоллаў ҳаққындағы даўалары бойынша даўлар;

4) қымбатлы қағазлар эмиссиясы менен, соныӊ менен бирге эмитенттиӊ басқарыў органлары қарарлары жүзесинен даўласыў менен, эмиссиялық қымбатлы қағазларды жайластырыў жараянында дүзилген питимлер, эмиссиялық қымбатлы қағазлар шығарыў (қосымша шығарыў) нәтийжелери бойынша есабатлар (хабарнамалар) жүзесинен даўласыў менен байланыслы даўлар;

5) қымбатлы қағазларды номинал сақлаўшыларыныӊ акциялар ҳәм басқа қымбатлы қағазларға болған ҳуқықларды есапқа алыў, нызамда нәзерде тутылған басқа ҳуқық ҳәм миннетлемелерди қымбатлы қағазларды жайластырыў ҳәм (яки) олардыӊ айланбасы мүнәсебети менен қымбатлы қағазлардыӊ номинал сақлаўшылары тәрепинен әмелге асырыў менен байланыслы искерлигинен келип шығатуғын даўлар;

6) юридикалық шахс қатнасыўшыларыныӊ улыўма жыйналысын шақырыў менен байланыслы даўлар;

7) юридикалық шахс басқарыў уйымларыныӊ қарарлары үстинен шағым етиў ҳаққындағы даўлар.

Нызамға муўапық корпоратив даўлар бойынша ислер қатарына басқа даўлар ҳәм киритилиўи мүмкин.

Экономикалық судлар тәрепинен корпоратив даўларды шешиўде нызам ҳүжжетлериниӊ дурыс ҳәм бир түрде қолланылыўын тәмийнлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумы 2014-жыл
20-июнь күни «Экономикалық судлар тәрепинен корпоратив даўларды шешиўдиӊ айрым мәселелери ҳаққында»ғы 262-санлы Қарарын қабыл қылған.

Усы Пленум қарарында экономикалық судлар тәрепинен қатнасыўшылар ортасында, қатнасыўшылар менен хожалық ширкетлери ҳәм жәмийетлери ортасында, соныӊ ишинде акционерлер ортасында, акционер менен акционерлик жәмийети ортасында хожалық ширкетлери ҳәм жәмийетлери искерлигинен келип шығатуғын даўларды дурыс шешиў бойынша түсиниклер берилген.

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық судының баслығы:                                 З.Д.Бердимуратов

04.05.2021 13:57:23 203