10 га жерге 1000000 түп Америка талының нәлин егилиў жумыслары режелестирилген

30.04.2021 11:09:33 373 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Кумүнгил АПЖ аймағы аўыр аймақлар дизимине киргенлиги себепли бул аймақтың социаллық жағдайын жақсылаў мақсетинде бүгинги күнде кең түрде жумыслар алып барылмақта .Мысалы,   Америка талы ңәллерин егиў ушын район аймағынан 10 га жер майданы ажыратылып, мине ҳәзир нәллерди егиў жумыслары  басланыў алдына тур. Буннан тийкарғы мақсет пуқараларымызды жумыс пенен бәнт етиў. Америка талы бүгинги күнде себет, мебел ислеп шығарыўда  тәбийий керекли өним болып табылады. Бир адам орташа есапта бир күнде 10 дана себет тоқыў мүмкиншилигине ийе.  Демек, 10 дана себетти биз базар баҳасында минимал есапта 10 000 сўмнан есаплайтуғын болсақ бир адам күнине 100 000 сўм табады деген жуўмаққа келемиз. Ал буны, шаңарақлық исбилерменликке айландырсақ, белгиленген муғдардан да артық дәрамат табыў мүмкиншилигине ийе боламыз. Мысал ретинде себет ҳәм басқада майда тутыныў өнимлерин келирип өткенимиздиң себеби, бүгинги күнде ишки базарымызда бул өнимлерге халықтың талабы күшли.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

30.04.2021 11:09:33 374