Кегейли районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

12.04.2021 15:49:52 387 Баспаға шығарыў

Социаллық  тармақларда   Кегейли районы  «Бахытлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Халқабад дийхан базары»ның қапталында жайласқан орында  жаўыннан кейинги жыйналған шалшық суулардың жағдайы видео көринислерде көрсетилген мағлыўмат тарқалған еди.

Бул бойынша Кегейли районы ҳәкимлиги  төмендегилерди мәлимлейди. «Халқабад дийхан базары» ның имаратына капитал оңлаў ҳәм базар жайласқан аймақ әтирапларына оңлаў жумыслары алып барылған болып, базар әтирапы бүгинги күн талапларына жуўап беретуғынлығы, суў ағар салмаларының бар екенлиги анықланды.

Видео көринисте көрсетилген  шалшық суўлар 2021-жыл 3-апрель күнги тынымсыз жаўған нөсер жаўынның ақыбетинен пайда болған. Бул шалшық суўлар базар әтирапындағы салмаларға ағызылып толық сапластырылғанлығын мәлим етип билдиремиз.

 

12.04.2021 15:49:52 388