Қарақалпақстанда Жоқарғы Кеңес баслығы сайланды ҳәм Министрлер Кеңесиниң баслығы тайынланды

15.01.2020 22:00:48 1649 Баспаға шығарыў

2020-жыл 13-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сайлаўдан кейинги биринши сессиясы мәжилиси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 80-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Ерниязов Муса Тажетдинович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы етип сайланды.

Сондай-ақ, Қаракалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген усынысына бола Сариев Каҳраман Раматуллаевич Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына тайынланды.

15.01.2020 22:00:48 1650