⚡️Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 31-август күнги 432-санлы Қарарына тийкарланып ишки ислер уйымлары Кинология бөлимлеринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған ийтлерди улыўма бойсыныўшы ҳәм қорғаў бағдарлары бойынша төлемли тәртипте үйретиў, сондай-ақ, кинология бөлимлеринде өз мүтәжлигинен артықша ҳәм жумысқа жарамсыз деп табылған хызмет ийтлерин сатыў жолға қойылған.
⚡️Кинология бөлими тәрепинен көрсетилип атырған төлемли хызмет түрлери
– зәрүрликтен артық ҳәм жумысқа жарамсыз деп табылған ийтлерди сатыў,
– физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған ийтлерди улыўма бойсыныўшы ҳәм қорғаў бағдарлары бойынша төлемли тәртипте үйретиў,
– физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған ийтлерди қорғаў бағдарлары бойынша төлемли тәртипте үйретиў.
Егер мағлыўматлар сизди қызықтырған болса, төмендеги номерлерге мүрәжат етиўиңиз мүмкин
+99897 846-22-00
+99899 289-15-22
+99890 735-00-88
+99890 652-56-19








