Медицина тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша медиа-тур шɵлкемлестирилди

15.04.2025 10:44:32 0 Баспаға шығарыў

Белгиленген режеге тийкар, Кегейли районында медицина тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша медиа тур шɵлкемлестирилди. Медиа-тур даўамында бирлеспесиниң ишки имканиятлары менен танысылып, толық мағлыўматлар алынды. Кегейли районлык медицина бирлеспеси 75 мын 400 халыққа медициналык хызмет кɵрсетеди.

Район халқына 171 орынлық орайлык емлеўхана, 450 қабыллаў мүмкиншилигине ийе болған 1 кɵп тармақлы поликлиника, 8 шаңарақ шыпакерлик пункти, 4  шаңарақ поликлиникасы 5 МТП район халқына  медициналык жәрдем кɵрсетип келмекте.

Кегейли районы халықына  1 КТП, 4 ШП, 8 ШШП жәми 13 емлеў профилактика мекемелери тәрепинен медициналық хызмет көрсетиледи. Халыққа кепилленген бийпул медициналық жәрдем көрсетиў бағдарында жами 21 шыпакер алды тексериў ханасы шөлкемлестирилген.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

15.04.2025 10:44:32 1