Мәмлекетимиз басшысы ең әҳмийетли мәселелерге бағышланған жыйналыслардың бириндеги ѳз шығып сѳйлеўинде тек ғана Ѳзбекстан емес, ал, дүньядағы кѳплеген мәмлекетлер климат ѳзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин кѳрип киятырғанлығын айтып ѳткен еди.
Соның менен бирге, ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эрозиясы, шѳллениў, қазылма жанар майларларды есапсыз ислетиў глобал ысыўға, тәбийий апатшылықлардың кѳбейиўине алып келип атырғанын, ҳүкиметимиз жыл даўамында белгиленген ең әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыўын, бул бағдарламада «жасыл» технологияларды енгизиў, суўды үнемлеў, кѳклемзар аймақларды кескин кѳбейтиў, Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, шығындылар машқаласын шешиў, ең әҳмийетлиси халық саламатлығын беккемлеўдей мәселелер баслы бағдар сыпатында белгилениўин атап ѳтти.
Тәбийий резервлер ҳәммениң мүлки, бирақ бул мәселеде әҳмийетли болған нәрсе, оны оны тежеў. Бул бизге ҳеш қандай қыйыншылық туӯдырмайды. Айтайық, жумыс орны ҳәм үйдеги электр резервлерин тежеӯ қыйын емес. Тутыныӯ техникалары ислетилмегенде оларды электр тармағынан үзиң.
Кѳпшилик электр тармағына жалғанған қурылмалар қанша электр энергиясын сарыплаўын билмейди. Мәселен, ѳшик телевизорлар, зарядланған телефонлар. Дурыс, олар сарыплайтуғын электр энергиясы муғдары аз, бирақ узақ мүддет жалғанған ҳалатта турғанында бундай деп болмайды. Солай екен, күнделикли әдетлеримизди ѳзгертип, энергияны тежеў ушын керек болмаған жағдайларда бәрше электр қурылмаларын ѳшириўимиз зәрүр.
Жәҳән шѳлкемлери есабатларынан биринде “Егер биз дүньяның тәбийий резервлерынан ҳәзирги дәрежеде пайдаланыўды даўам етсек, кейинги отыз жыл ишинде турмыслық мүтәжликлеримизди қанаатландырыў ушын және бир планетаға тең резерв керек болады” делинген еди.
Әлбетте, биз және бир планетаға тең резервти топлай алмаӯымыз мүмкин. Бирақ, кѳпшилик болып қыла алатуғын бирден-бир шарамыз оны үнемлеў ҳәм асырап-абайлап ислетиўимиз керек болады.
Баҳадыр ИКМЕТУЛЛАЕВ
Кегейли районы Әдиллик бөлими
бөлим бас мәсләҳәтшиси.
24.07.25-ж.








