Кегейли районы ҳәкимлигинде районда инвестиция жойбарлары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша баспасɵз конференциясы ɵткерилди. Оған район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Алламбергенов ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Онда районда 2025-жыл ушын 23 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ҳәм усы арқалы 713 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгиленген. Бүгинги күнде әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарларды иске түсириў илажлары кɵрилмекте.
Жүзимбағ, Қумшүнгил ҳәм Ийшан кала АПЖ аймақларында ири инвестицялық жойбарлардың орынланыўы 80% ға жуўмақланып атырғанлығы атап ɵтилди. Бул инвестициялық жойбарлар турмысқа енгизилсе аймақтың экономикалық кɵрсеткишлери және де жоқарылап, жумыссызлық дәрежесин кемейтиўге ерисиледи.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети