ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ

15.03.2025 09:50:22 0 Баспаға шығарыў

Бүгин райондағы “Абат” аўылы басланғыш партия шөкеминде Өзбекстан ХДП Кегейли районлық Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде 10-“Пахта пункт” сайлаў округинен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты, партия топары баслығы М.Мырзатаев аймақ турғынлары менен ушырасып, олардың машқалаларын үйренди.
Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Кегейли районлық Кеңеси баслығы М.Мырзатаев, Халық депутатлары районлық Кеңеси Секретариат баслығы Б.Искендеров, «Абат» АПЖ баслығы ҳәм жуўаплы хызметкерлери, “Абат” аўылы басланғыш партия шөкеми ағзалары ҳәм де аймақ турғынлары қатнасты.
Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен жол, коммунал тараў ҳәм басқа да мүрәжатлар болды. Билдирилген мүрәжатлар бойынша тийисли мәкемелерге депутат сораўы жиберилип қадағалаўға алынды.

15.03.2025 09:50:22 1