ЖӘМИЙЕТЛИК ШӨЛКЕМЛЕРДИҢ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИ ДОДАЛАНДЫ

23.01.2020 21:59:30 1601 Баспаға шығарыў

«Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық илажларды системалы түрде шөлкемлестириў бойынша жәмийетлик шөлкемлердиң 2020-жылдың январь-июнь айларына белгиленген бирге ислесиў бағдарламасы»нда көрсетилген ўазыйпалардың мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў мақсетинде селектор мәжилиси болып өтти.

Онда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Өзбекстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси, Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысларын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, Министрлер Кабинети жанындағы «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы, республикамыздағы барлық жәмийетлик шөлкемлердиң  басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Селектор мәжилисинде Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Өзбекстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Ш.Жавлонов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткен жылдағы бирге ислесиў нәтийжелерине кеңнен тоқтап өтти.

Жол қойылған қәте-кемшиликлер атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, бирге ислесиў бойынша алдағы ярым жылға белгиленген бағдарлама жәмийетлик шөлкемлерде жумыс ислейтуғын хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў, шаңарақлардағы татыўлықты беккемлеў ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў, ҳаял-қызлар арасында руўхый-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў, той ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм ийгиликли жумыслар және мийрим-шәпәәт руўхында тәрбиялаў, муқаддес орынлар, зыярат  етиў орынлары ҳәм қойымшылықларды абаданластырыў, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлы бир қатар мәселелерди өзине қамтып алған.

– Өткен жылы районымыздағы мәҳәллелерде ҳәм шаңарақларда руўхый-ағартыўшылық жумысларын күшейтиў бойынша бирге ислесиўши шөлкемлер менен бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, өткен жылдағы бағдарламаға тийкарланып  «Ҳәўес етиң, үлги алың» илажы шеңберинде аймағымыздағы үлгили шаңарақларды жасларымызға үлги етип, үгит-нәсият жумысларын алып бардық. «Шаңарақ» орайы ҳәм ПҲАЖ бөлими менен биргеликте шаңарақлардағы аўызбиршиликти тәмийинлеў мақсетинде «Шаңарақ мүйешлери» шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында ажырасыўлардың алдын алыў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Жаслар арасында да бир қатар илажлар өткерилди. Мәҳәллелерде «Кекселер мағрийпети» илажлары шөлкемлестирилди.

Булардың барлығы мәҳәллелердеги аўызбиршиликти, шаңарақлардағы татыўлықты тәмийинлеўге үлкен жәрдемин тийгизди деп ойлайман,-дейди Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Шымбай районлық Кеңесиниң диний-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ж.Жолдасова. – Бүгинги селектор мәжилисинде алдағы алты ай ушын анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул  ўазыйпалар, билдирилген пикир-усыныслар бирге ислесиўши шөлкемлер менен усы бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Илажда бағдарламаға байланыслы пикир-усыныслар билдирилип, бирге ислесиў бойынша әмелге асырылатуғын тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

23.01.2020 21:59:30 1602