Районымызда жаңа қурылыс жумысларын баслаў, финанслық мәселелерде халықтың пикирин инәбатқа алыў мақсетинде район аймағындағы оңалаўға мүтәж орынларды жаңалаў ушын openbyudjet.uz сайтына Нурлы бостан МПЖ аймағындағы шығынды таслаў орыны пуқаралардың даўыс бериўи ушын қойылған. Усы орында бул машқаланы көрсетиўши мағлыўмат емес бәлим усы машқаланы шешиў ушын даўыс бериўге арналған контент екенлигин ҳәм пуқаралар тәрепинен белгили дәрежеде даўыс берилгеннен соң бул орында оңлаў жумыслары алып барылатуғынын мәлим етип билдиремиз.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети