Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң отыз төртинши сессиясы болып өтти

29.07.2021 13:10:07 231 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң отыз төртинши сессиясы болып өтти. Онда депутатлар, сектор басшылары, мәкеме кәрхана басшылары соның менен бирге ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Күн тәртибинде тийкарынан төмендеги мәселелер көрип шығылды.
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жылдың биринши ярым жыллығында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында
2. Кегейли районы аймағындағы көп қабатлы турақ жайлардан пайдаланыў ҳәм сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында” ғы ПҚ-5048-санлы қарары тийкарында Кегейли районы аймағында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
4. Кегейли районлық финанс бөлиминиң 2021-жылдың екинши шереги жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, сондай-ақ аймақлық потенциалдан келип шыққан ҳалда жергиликли бюджет дараматларының қосымша дереклерин қәлиплестириў ҳәмде қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери, жергиликли бюджет дараматларын асырыўдың анықланған резервлери туўралы есабаты ҳаққында.
Көрсетилген мәселелер бойынша жуўапкерлер тәрепинен есабатлар тыӊланып, әҳмийетли деп табылған бир қатар мәселелер сессия қатнасыўшылары тәрепинен кең додаланды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

29.07.2021 13:10:07 232