МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛГЕ ҲҮРМЕТ -ӘДИЎЛИ МИННЕТ

22.07.2021 12:32:02 245 Баспаға шығарыў

Ҳәр қандай мәмлекеттиң тийкарғы мәмлекетлик нышанларынан бири бул мәмлекетлик тил болып есапланады. Бүгинги күнде елимизде мәмлекетлик тилге үлкен дыққат-итибар қаратылып келинбекте. Әсиресе, мәмлекетлик уйымларда жүргизилетуғын ис қағазлары, саўда шақапшалары ҳәм басқа да халыққа хызмет кѳрсетиў орынларындағы сыртқы жазыўлардың мәмлекетлик тилде болыўына айырықша дыққат бѳлинбекте.

Районымзда да бул бағдарда бир қанша әмелий ислер исленип, саўда орынларындағы сыртқы жазыўлардың мәмлекетлик тилде жазылыўын қадағалаў бойынша мақсетли үйрениў жумыслары алып барылды. Орынларда анықланған қәте-кемшиликлер бойынша түсиник берилип, исбилерменлерге мәмлекетлик тилимиз болған ана тилимизге ҳүрмет-иззет кѳрсетиў ѳзимизден баслаўымыз кереклиги  яғный әпиўайы ғана жазыўларда да ѳз кѳринисин табыўы мүмкинлиги уғындырылды. Атап айтқанда «МЫ ОТКРЫЛЫС», «САЛОН КРАСОТЫ», «ЩВЕЙНЫЙ ЦЕХ» жазыўларының ѳз ана тилимизде де эквиваленти бар болып «БИЗ АШЫЛДЫҚ», «ГѲЗЗАЛЛЫҚ САЛОНЫ», «КИЙИМ ТИГИЎ ЦЕХЫ» етип жазыўға болатуғынлығының ѳзи ғана бир мысал.

Ана тилимизди қәстерлеў бул үлкен минберлерде турып жар салыў емес, бәлким оны ҳәр биримиз ҳәр күни сап ҳалда ислетиў, таза жазыў, келешек әўладқа үйретиўдей ислер де ѳз сәўлелениўин табыўы мүмкин.  Егер, тил тазалығы сақланбаса, оның сап ҳалында болыўына,  мǝдениятына ǝмел етилмесе, миллий мǝдениятқа дақ түседи, миллетке деген ҳүрмет пәсейеди.

Ҳǝр бир пуқара мǝмлекетлик тилге, ана тилимизге айрықша ҳүрмет кѳрсетиўи бәршемиздиң әдиўли миннетимиз, оның бизге ата-бабаларымыз қалдырған бийбаҳа аманат екенлигин ҳәмийше есте сақлаўымыз тийис.

 

Руслан ИСАКОВ, районы ҳǝкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нǝтийжежелигин асырыўмǝмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине ǝмел етилиўин тǝмийинлеў мǝселелери бойынша мǝслǝҳǝтшиси.

22.07.2021 12:32:02 246