ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ МҮРӘЖАТЫ ХАЛҚЫМЫЗДЫ РУЎХЛАНДЫРМАҚТА

26.01.2020 00:21:38 1449 Баспаға шығарыў

Ғәрезсиз елимизде Президентимиздиң басшылығында социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахсларға, сондай-ақ, «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшыларына айрықша итибар және ғамхорлық көрсетилип келинбекте. Ҳәр жылы питкериўшилеримиздиң бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына кириўи ушын жергиликли ҳәкимликлер, мәпдар шөлкемлер менен биргеликте бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Өткен дәўир ишинде питкериўшилеримизден 43 тәрбияланыўшы турақ жай менен тәмийинленди. Жаңа жыл байрамы алдында тәрбияланыўшымызға берилген бир турақ жайдың 39 миллион басланғыш төлеми «Мәҳәлле» қайырқомлық қоры Қарақалпақстан республикасы бөлими тәрепинен төлеп берилген болса, 18 тәрбияланыўшымызға турақ жай қурыў ушын жер майданы ажыратылды. Ҳәзир қурылыс жумыслары алып барылмақта..
Быйылғы жылы 8 питкериўшимиз жоқары оқыў орнына бакалавр бағдарына, 1 питкериўшимиз магистр бағдарына оқыўға кирди.
Мүрәжатта Президентимиз «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшыларының бәнтлигине, оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине тоқтап өтти. Әсиресе, елимиз басшысының «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары ғамхоршысы, меҳрибаны, сүйениши мәмлекет ҳәм жәмийетимиз екенлигин сезинип жүриўлери керек,-деген пикирлери мине усы ғамхорлықтың әмелдеги көриниси болды.
Светлана СОН,
Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң директоры, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы

26.01.2020 00:21:38 1450