Кеше районымымзда бой тиклеген жаңа имаратлардың бири мәлимлеме китапхана орайының ашылыў мәресими болып ɵтти. Мәресимде Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов, сектор басшылары ҳәм ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ағзасы Б.Матмуратов ҳәм районымыздағы барлық белсенди турғынларымыз, нураныйлеримиз қатнасты.
– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жылы 4-майдағы 327 санлы арнаўлы қарарына тийкар Мәлимлеме китапхана орайының қурылыс жумысларына жәми 882 млн сўм қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары “Нɵкис конструкция қурылыс” ЖШЖ тәрепинен қурып питкерилди. Ҳәзирги ўақытта районымыздағы мәлимлеме китапхана орайында жәми 15822 атамадағы 57736 нусқада әдебий китаплар бар. Орайымыз 2937 китапқумарға турақлы түрде хызмет етип киятыр.
Сондай-ақ, буннан басқа 14 млн сўм муғадарындағы 942 дана жаңа китаплар алып келинди. Енди бул жаңа имаратта еле де жаңа китаплар фондын көбейтиўге ҳәрекет етемиз6,- дейди район ҳәкими Д.Утемуратов ɵз сɵзинде.