Алдын хабар бергенимиздей районымызда 27-ноябрь күни “Қурылыс тараўында Кегейли районыныда алып барылып атырған жумыслар нәтийжелиги” атамасында ҒХҚ ушын медиатур ҳәм пресс-конференция шөлкемлестирилди. Күнниң биринши мезгилинде журналист ҳәм блогерлер районда қурылып атырған ҳәм қурылысы питкен жаңа 10 объекттиң қурылыс жўмыслары менен танысты. Буннан соң районы ҳәкими ҳәм қурылыс тараўына тийисли барлық жуўапкерлер ҳам ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасында пресс-конференция болып өтти.
Онда ҒХҚ ўәкиллери тәрепинен берилген сораў пикикр-усынысларға жуўапкерлер тәрепинен жуўаплар берилиди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети