Бүгин районымызда коронавирусқа қарсы пуқараларды шаншыў илажлары әмелге асырылмақта. Шаншыў илажларының мақсетке муўапық алып барылып атырғанын көзден өткериў жумыслары алып барылды. Үйрениўлер барысында “Абат” АПЖ аймағында алып барылып атырған шаншыў илажларына аймақ турғынлары белсендилик пенен қатнасып, өзлерин жуқпалы пандемияның аўыр ақыбетлеринен зыянсызландырып атырғаны кɵпке үлги боларлық илаж екени айрықша атап өтилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети