Кегейли районы «Жалпақ жап» аўыл пуқаралар жыйыны (Б.Каримбердиев массиви) аймағындағы районлық ҳәкимият резерв жер майданларынан «KEGEYLISHI JASUR SHERXAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине балықшылық тараўын жәнеде раўажландарыў ушын, балықты азықлық ѳнимлер менен тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалық егинлерин егиў ушын қосымша жер майданларын ижараға ажыратып бериў ҳаққында

29.01.2021 16:47:56 190 Баспаға шығарыў

Кегейли районы «Жалпақ жап» АПЖ  (Б.Каримбердиев массиви) аймағындағы район ҳәкимлиги резерв жер майданлары есабында турған жер майданларынан «KEGEYLISHI JASUR SHERXAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қосымша жер майданларын ажыратып бериў ҳаққындағы «KEGEYLISHI JASUR SHERXAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 2020-жыл 21-декабрь күнги 5-санлы қатнас хаты ҳәм Өзбекстан Республикасы “Жер кодекси”ниң 6, 23, 24, 46, 49-статьяларына тийкарланып Кегейли  районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Кегейли районы «Жалпақ жап» АПЖ (Б.Каримбердиев массиви) аймағындағы район ҳәкимлиги резервинде турған жер майданларынан «KEGEYLISHI JASUR SHERXAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине балықшылық тараўын және де раўажландырыў мақсетинде балықлар ушын азықлық ѳнимлер (корм) таярлаў мақсетинде аўыл хожалық егинлерин егиў ушын қосымша жер майданларын ижараға ажыратып бериў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын ийелик етиўге, пайдаланыўға, ижараға бериў ҳәм мүлк етип бериў (реализация қылыў) мәселелерин көрип  шығыў бойынша турақлы ҳәрекет етиўши комиссиясының 2021-жыл «27»-январь күнги акти тастыйықлансын.
  2. Кегейли район ҳәкиминиң 2018-жыл 4-сентябрь күнги 827/17-09-санлы шешими менен «KEGEYLISHI JASUR SHERXAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине ажыратылып берилген жер майданларына «Жалпақ жап» аўыл пуқаралар жыйыны (Б.Каримбердиев массиви) аймағындағы районлық ҳәкимият резерв жер майданларынан (аўыл хожалық картасындағы №2655ч, 2642ч, контурынан) «KEGEYLISHI JASUR SHERXAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине балықшылықты раўажландырыўға жасалма көл жаратыў ушын улыўма майданы 8,3 га, соннан; 6,1 га сүрим жерлер, 0,1 га жоллар ҳәм шеллер, 2,1 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары 30 (отыз) жыл мүддетке ижараға ажыратылып берилген. Усы жер майданларына Кегейли районы, “Жалпақ жап” АПЖ (Б.Каримбердиев массиви) аймағындағы районлық резерв жер майданларынан балықшылық тараўын және де раўажландырыў мақсетинде балықлар ушын азықлық ѳнимлер (корм) таярлаў мақсетинде аўыл хожалық егинлерин егиў ушын қосымша аўыл хожалық картасындағы №13188, 13190ч, 13194, 13196, 13198-контурларда жайласқан жǝми 14,73 га, соннан; 10,61 га сүрим жерлер, 4,12 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары ижараға ажыратып берилген қалған  мүддетине қосымша ажыратылып  берилсин.
  3. «KEGEYLISHI JASUR SHERXAN» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң улыўма жер майданы 23,03 га, соннан; 16,71 сүрим жерлер, 0,1 га жоллар ҳәм шеллер, 6,22 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары етип белгиленсин.
  4. Районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры бөлими (А.Тилеулесов)не усы шешим тийисли юридикалық күшке киргеннен соң район жер есабатына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Усы қарарды көрип шығып тастыйықлаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен соралсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

  

                    Кегейли   районы    ҳәкими:                                              Д.Утемуратов    

29.01.2021 16:47:56 191