Кегейли районы «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны «Бексыйық» елатлы пункти аймағындағы қурылысы жуўмақланған 25-санлы улыўма билим бериў мектеби филиалыныӊ имаратын пайдаланыўға қабыллап алыў ҳаққында

08.01.2021 16:31:40 275 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниӊ 2020-жыл 8-сентябрдеги 01-01/5-2339/1-санлы келисим хаты, Кегейли районы Халық билимлендириў бөлиминиң 2020-жыл 16-декабрь күнги 01-1124-санлы хаты ҳәм Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясыныӊ 2020-жыл 25-сентябрь күнги актин кɵрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М    Е Т Е Д И:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниӊ 2020-жыл 8-сентябрдеги 01-01/5-2339/1-санлы келисим хаты басшылыққа алынып, Кегейли районы Халық билимлендириў бөлиминиң 2020-жыл 16-декабрь күнги 01-1124-санлы қатнас хаты қанаатландырылсын ҳәм Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының 2020-жыл 25-сентябрь күнги акти мақуллансын.
  2. Кегейли районлық Халық билимлендириў бɵлимине қараслы «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны «Бексыйық» елатлы пункти аймағында жайласқан, қурылыс асты майданы 139,4 кв.метр, пайдалы майданы 121,6 кв.метрден ибарат, 2(еки) оқыў ханасы, дәлиз ҳәм муғаллимлер ханасынан ибарат болған  25-санлы улыўма орта билим бериў мектеби филиалыныӊ имараты пайдаланыўға қабыл етилсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы «Жермүлкадастр» мәмлекетлик кәрханасы Кегейли районы филиалы (Д.Рустемов)на пайдаланыўға қабыл етилген мектеп имаратын мәмлекетлик дизимнен өткериў тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары К.Алланазаровқа жүкленсин.

  

 

             Кегейли районы ҳәкими:                                                         Д.Утемуратов

08.01.2021 16:31:40 276