Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2019-жыл 28-январдағы «Жер участкаларын бериў ҳәм жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын реализация қылыўдыӊ заманагөй ҳәм анық механизмлерин енгизиў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 63-санлы қарары менен тастыйықланған «Жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкаларын бериў ҳәм жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын реализация қылыў тәртиби ҳаққында»ғы нызамыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Электрон-онлайн аукционларды шөлкемлестириў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасыныӊ Электрон-онлайн аукцион нәтийжелери ҳаққындағы 2020-жыл 11-январь күнги №UJ 172-042400-санлы баянламасына, электрон-аукцион жеӊимпазы пуқара Камалов Полат Қалбаевичтиӊ 2021-жыл 13-январь күнги мүрәжатына, Өзбекстан Республикасы «Жергиликли Мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызамныӊ 6,10-статьяларына тийкарланып, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Электрон-аукцион жеӊимпазы пуқара Камалов Полат Қалбаевичтиӊ 2021-жыл 13-январь күнги мүрәжаты қанаатландырылсын ҳәм «Электрон-онлайн аукционларды шөлкемлестириў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасыныӊ Электрон-онлайн аукцион нәтийжелери ҳаққындағы 2021-жыл 11-январь күнги №UJ 172-042400-санлы баянламасы орынлаў ҳәм мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы «Қумшүӊгил» аўыл пуқаралар жыйыны «Соржап» елатлы пункти аймағында жайласқан уникал саны Y-1735212/835-824-019, ЛОТ саны 0401972, майданы 0,04 га болған жер майданы электрон-аукцион жеӊимпазы Камалов Полат Қалбаевичке жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы менен ажыратып берилсин.
- Районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры бөлими (Ж.Сейтназаров)не жер есабатларына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы «Жермүлкадастр» мәмлекетлик кәрханасы Кегейли районы филиалы (Д.Рустемов)на ажыратылған жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў тапсырылсын.
- Электрон-аукцион жеӊимпазы Камалов Полат Қалбаевичке Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниӊ 36-статьясына тийкар, жер участкасынан 2 (еки) жыл мүддет ишинде пайдаланылмағанда жер участкасына болған ҳуқықы бийкар етилиўи ескертилсин.
- Усы шешимниӊ орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиӊ биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими:- Д.Утемуратов