2021 жыл 14-июль күни Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети баслығыныӊ орынбасары Б.Матмуратов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ он алтыншы жалпы мәжилисинде мақулланған нызамлар ҳәм көрип шығылған басқа да мәселелер бойынша халық арасында үгит-нәсият жумысларын жүргизиў, жоқары палатаныӊ тийисли қарарларында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын үйрениў, усы мәселелер бойынша Халық депутатлары жергиликли Кеӊеслерине әмелий жәрдем көрсетиў ҳәм пуқаралар мүрәжатлары менен орынларда ислесиў мақсетинде ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўды Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов алып барды.
Онда Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, район ҳәкимниниӊ орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте шығып сойлегенлер қабыл етилип атырған нызамлардыӊ әҳмийети жәмийетимизде тутқан орны ҳаққында өзлериниӊ тужырымлы пикирлерин ҳәм усынысларын билдирди.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial