Халықты дизимге алыўда халық қандай ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе

09.07.2021 08:30:10 582 Баспаға шығарыў

Халықты дизимге алыў сәнеси 2023-жыл 1-ноябрь саат 00:00 (халықты дизимге алыўдың анық ўақты) етип белгиленеди. Сораўнамаларға мағлыўматлар халықты дизимге алыўдың анық ўақты бойынша киргизиледи. Сораўнамаларды толтырыў ўақты 12 күн, яғный 11-22 ноябрь күнлери.
Халықты дизимге алыўдың анық ўақтынан кейин жүз берген процесслер ҳаққындағы шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў әмелге асырылмайды. Мысалы, халықты дизимге алыўдың анық ўақтынан кейин туўылған балалар ушын сораўнамалар толтырылмайды, бирақ халықты дизимге алыўдың анық ўақтынан кейин дүньядан өткен шахслар ушын сораўнамалар толтырылады. Сораўнамалар дүньядан өткен шахстың шаңарақ ағзалары ямаса өзин-өзи басқарыў органларындағы мағлыўматлар базасы тийкарында толтырылады.
Халықты дизимге алыўды өткериўдиң тийкарғы усылы халық (респондентлер) ортасында сораў өткериў арқалы сораўнамаларды толтырыў есапланады. Сораў халықты дизимге алыў процесслерине ўақтынша жумысқа алынған хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылады.
Сораўнамалар дизимге алыўшы хызметкерлер тәрепинен үйме-үй жүрген ҳалда, халық (респондент) жасайтуғын (ўақтынша жасайтуғын) ямаса жасаўы мүмкин болған турақ ямаса натурақ жайларға ҳәм респондентлер өз қәлеўи тийкарында стационар участкаларға келген ўақытлары толтырылады.
“Халықты дизимге алыў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының нызамына муўапық, респондентлер төмендегише ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе:
өзиниң шахсқа тийисли мағлыўматлары не мақсетте жыйналып атырғанлығын, бул мағлыўматлардан ким ҳәм қандай тәризде пайдаланылыўын билиў;
өзи ушын толтырылған дизимге алыў сораўнама бланкалары менен танысып шығыў, дизимге алыў сораўнамаларына киргизилген шахсқа тийисли мағлыўматлардың толықлығы ҳәм исенимлигин анықластырыў;
дизимге алыўшы хызметкерлерден арнаўлы гүўалықты көрсетиўин талап қылыў, арнаўлы гүўалығын көрсетиўден бас тартқан тәғдирде болса, — дизимге алыў сораўнама бланкаларындағы сораўларға жуўап бермеўи;
дизимге алыў сораўнама бланкасының формасына қарап шахсқа тийисли исенимли мағлыўматларды усыныў ҳуқуқына ийе.
Респондентлер халықты дизимге алыўды өткериўге тосқынлық қылмаўы шәрт.

М.Бекмуратов

09.07.2021 08:30:10 583