Ҳаяллар мәмлекет итибарында

06.07.2021 07:42:42 450 Баспаға шығарыў

O’zLiDeP Кегейли районлық Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қолла-қууатлаў бөлими менен биргеликте Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық!» сүрени астында ушырасыў өткерди.
Бунда O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жуўаплы хызметкерлери, Халық депутатлары ройонлық Кеңес депутатлары, партияның белсенди ҳаял-қызлары, Лидер ҳаял-қызлар, МПЖ турғынлары қатнасып, ушырасыўды O’zLiDeP Кегейли районлық Кеңеси аппарат баслығы Б.Искендеров басқарып барды.
Онда O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Хаяллар-қанаты баслығы Э.Бекимбетова шығып сөйлеп мәмлекетимиздеги ҳаял-қызларға жаратылған имканятлар ҳаққында кеңнен түсиник берип өтти. «Шаңарақлардағы ажырасыўлар профилактикасы ҳәм олардың унамсыз жағдайлары, турмыслық машқалалар,олардың шешимлери» ҳаққында Кегейли районы мәхалле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы орынбасары Г.Хожамбергенова шығып сөлеген болса, районлық медицина бирлеспеси генеколог акушерка шыпакери З.Ниязбекова “Ҳаял-қызлардың медициналық мәдениятын қәлиплестириў бойынша мәслаҳәтлер” атамасында жыйналғанлар ушын пайдалы мәслахатларды келтирип өтти.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшы ҳаял-қызлар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелер тәрепинен тийисли жуўапларын алды. Соның менен бир қатарда партия белсендилери ҳурмет жарлығы менен хошаметленип партияға жаңадан ағзалар қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

06.07.2021 07:42:42 451