Бүгинги күнде Перзидентимиз басламасы тийкарында жас аўлдаты тәрбиялаў бағдарында бирқанша реформалар әмелге асырылмақта. Мысал етип айтқанда мектепке шекемги билимлендириў мекемелериниң искерлигин еле де раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин искерлигин ен жайдырыў илажларын әмлеге асырыў Кегейли районыныда да әллеқашан баслап жиберилген. Бүгин районымыздың Жалпак жап АПЖ Жаңабазар АПЖ Абат макан АПЖ ҳәм МПЖ аймақларында шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң ашылыў мәресими болып өтти. Мәресимди сектор басшылары өзлериниң қутлықлаў сөзлери менен ашып берди. Буннан соң жыйналғанлар бақшаларда балалар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Кишкене тәрбияланыўшылар тәрепинен сахналастырылған көринислер жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети