Инсаният бүгинги раўажланыў дәўиринде, инсан ақыл күши менен үлкен шыӊларды ийелеп атырған заманда жасамақта. Әне усындай жедел раўажланыў менен бир қатарда турмысымызда айырым социаллық машқалалар пайда болмақта, буннан пүткил дунья халқы тәшиўишке түспекте.
Бүгүнги глобалласыў дәўиринде инсонияттыӊ қәлби ҳәм санасын ийелеў ушын кескин гүрес бармақта. Бул машқалалар бүгинги күнде глобал түс алып атырған диний экстремизм ҳәм терроризм, ахборот ҳүжими, адам саўдасы, «ғалабалық мәденият» ҳәм де трансмиллий жынаятлар болып табылады. Инсаннан түрли мақсетлерде пайдаланыў сыяқлы аўыр жынаятлар, түрли қураллы соқлығысыўлар, мәмлекет тынышлығына қәўип салыўшы ҳәрекетлер булардыӊ барлығы ўайрангершилик, бузғыншылық, улыўма алғанда, жаўызлықтыӊ көриниси болып есапланады. Соны айтып өтиу керек, ҳәр жылы мыӊлап бийгүнә инсанлар, балалар туўрыдан-туўры яки қыя түрли зорлық қурбанына айланбақта.
Ўайрангершилик – бузғыншылық, ис-ҳәрекети кери (ўайран етиў, бүлгиншилик) ислерге қаратылған, жамийетке зыян жеткериўди мақсет қылған бир топар адам көринисиндеги мақлуқлардыӊ ҳәрекети жемисидур.
Бузғыншы идеялардыӊ әмелий көриниси аймақ ҳәм жай таӊламайтуғын қәўипли жынаятлардан саналады. Бузғыншы идеяларға экстремизм ҳәм терроризм, ахборот ҳүжими, адам саўдасы, «ғалабалық мәденият» ҳәмде трансмиллий жынаятлардан тысқары халық аралық қарама-қарсылықлардыӊ келбетин пүткиллей өзгертирип атырған қәўиплер сондай ақ информациялық ҳәм психологялық ҳүжимлер де жатады.
Экстремизм – «ақылға сыймас дәрежеде », «ҳәдден асыў» мәнилерин билдиреди. Жәмийетте қабыл етилген ҳәр қандай қадириятлар ҳәм нормаларға қарсы түсиник, шараларға мейиллик экстремизмниӊ тийкарғы қәсийети есапланады. Тарийхта диний сананыӊ ажыралмас бөлеги болған адамлардағы исенимге тек ғана жаратыўшы күш емес, бәлки ўайран қылыўшы күш, ҳәтте фанатизм (фанатизм–биреўге яки динге қатты берилген, ямаса қандайда бир иске аӊсыз түрде қатты берилиўши) сыпатында пайдаланылғанлығын көрсетиўши мысаллар көп. Фанатизмниӊ өзине сай қәсийети ҳәм көринислери, алды менен жәмийетте турақсызлық толқынын келтирип шығарады. Ол зорлық ҳәрекетлерине мейиллиги менен ажыралып туратуғын диний экстремизмниӊ пайда болыўынада тийкар болып есапланады. Экстремистик ағымларды бирлестириўши улыўма тәрепи – олардыӊ ис-ҳарекетлери зорлыққа, террорға тийкарланған.
Адам саўдасы инсанлар тынышлығын бузыў, турақлы раўажланыўға зыян бериўге қаратылған, оныӊ артында бузғыншы-қопарыўшы жаўыз күшлер турғанлығы менен қәўипли. Адам саўдасы ҳәм оныӊ зыянлы ақыбетлерине қарсы турақлы түрде гүрес шаралары көрилмекте. Барлық оқыў орынларында, шөлкем, мекеме ҳәм кәрханаларда усы иллетлерди түп-тамыры менен жулып таслаў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
«Fалабалық мәденият » дегенде ҳәр-түрли шеттен кирип келген жат идеяларды сиӊдириў арқалы инсанларды миллий қадирият, миллий мәденияттан узақластырыў, дүньяны бир дүзимге салыў, бир ағым бойлап ҳәрекетлендириў, бирдейликти пайда етиўден ибарат. «Fалабалық мәденият» қәўиплериниӊ 90 пайызынан артығырағы интернет арқалы кирип келиўи тастыйықланған.
АХБАРАТ ҲҮЖИМИ – ҳәзирги заман жасларыныӊ қәлби ҳәм санасында миллий қәдриятларды сөндирип, инсанды саламат турмыс, тереӊ пикирлеўден узақластыратуғынлығын умытпаўымыз керек. Олар инсаниятқа зыян жеткериў, алды менен, оныӊ руўхый-тәрбиялық тийкарларға тәсир өткериўге урыныў ҳәм сондай ақ, заманагөй интернет технологияларынан пайдаланыў арқалы миллеттиӊ жаратыўшылық руўхындағы мәденияты, руўхый қәдирият ҳәм үрп-әдетлерге улыўма қарама-қарсы болған бузғыншы идея ҳәм түсиниклерди инсонияттыӊ, әсиресе, жаслардыӊ санасына сиӊдириўге қаратылғаны менен қәўипли.
Және бир пикир, дүньяда кибержынаятшылық, коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда, зыянлы информациялық тәсир өткериў сыяқлы халық аралық қәўипсизликке қәуип-қәтердиӊ ҳәўиж алып атырғанлығына жетерли баҳа берместен, олардыӊ алдын алмастан, бийпәрўа болып жасаў улыўма мүмкин емес. Бузғыншы топарлар ҳәм қопарыўшы-терроршы топарлардыӊ ҳәўиж алыўы, социал-экономикалық машқалалар, сиясий ҳәм миллетлер аралық қарама-қарсылықлардыӊ кескинлесип баратырғанлығы ақыбетинде әскерий-сиясий жағдайды изден шығарыўы мүмкин болған жоқары қәўип ҳәм қәтерлер коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда зыянлы информацион тәсир өткериў арқалыда жүзеге келмеўине ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Бундай иллетлер миллет тамырына, руўхыйлығына балта болып урылмаслығы ушын оған қарсы нәтийжели гүресиўде шаӊарақ, мәҳәлле, оқыў орынлары, сондай ақ, бул иске жуўапкер болған мәмлекет, мәмлекетлик емес шөлкемлердиӊ бирге ислесиўи жүдә аҳмийетли.
Жуўмақ орынында айтып өтиў керек, сергеклик – даўир талабы. Ҳәр бир инсан мәйли үлкен, мәйли киши жаста болсын, еӊ алды менен, ойлап, әтираптағылар ҳәм жақынларыныӊ мәсләҳәтлерине таянған ҳалда ис жүритиўи мақсетке муўапық. Жақсы гәп те, жаман гәп те бир аўыздан шыққаны сыяқлы, қайырлы ис те, зыян жеткериў де инсанныӊ өз қолында. Соныӊ ушын да ол саналы инсан. Бирғана надурыс ҳәрекет басы бекит көшеге жетеклеўи анық. Данышпанлардыӊ айтқанындай, «Соӊғы пушайман – өзиӊе душпан».
Мәмлекет, халық яки миллетти бузғыншы идея қәўиплеринен қорғаў ушын, алдыннан, жасларымызды усы сыяқлы иллетлерге қарсы гүрес руўхында тәрбиялаў, оларда жаман нийетлиликке қарсы қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў сыяқлы идеялық-миллий иммунитетти пайда етиў, тәлим-тәрбия ислерин ақыллылық пенен жолға қойыў, оларды заманагөй илим-пән, мәденият, техника ҳәм технология утыслары менен турақлы түрде таныстырып барыў үлкен әҳмийетке ийе. Неге дегенде, раўажланыў тәғдирин руўхый жетик, техникалық билимлар ҳәм қурамалы технологияларды ийелеў, руўхый күшли, ийманы пүтин, заманагөй пикирлейтуғын жоқары қәбилетли жаслар қолында.
Г.А. Калжанов,
Кегейли районы Ишки ислер бөлими
Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў топары
хызметкери