Жаслықта алынған билим-тасқа ойылған нағысқа мегзейди. Солай екен, бүгин жасларымыздың мектеплерде терең билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Мине усындай имканятлардан дурыс пайдаланып билген жасларымыз болса, көпке өрнек боларлық дәреже жетискенликлерге ериспекте.Мысалы районымызда қатарларына салыстырғанда әдеўир дәрежеде белсендилик көрсетип, мектебин жақсы баҳаларға питкерген оқыўшыларымыз бүгин алтын ҳәм гүмис медаллар менен сыйлықланды. Сыйлықлаў мәресимин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов қутлықлаў сөзи менен ашып берди. Буннан соң питкериўши жасларымызға алтын ҳәм гүмис медаллари салтанатлы түрде тапсырылды. Кешеде сөзге шыққанлар мектеплерде алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелиги, олардың келешек әўлад турмысында тутқан орны ҳаққында айта отырып, питкериўши жасларға бәлент пәрўаз тиледи.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети