Халықты дизимге алыў – бул мәмлекет халқының белгили бир ўақыттағы «фотосүўрет»ин алыў имканын бериўши улыўма мәмлекетлик дәрежесиндеги кең көлемли илаж болып, халық ҳаққындағы исенимли хабар дереги есапланады.
Бул процесс үш басқышта әмелге асырылады.
Биринши басқыш– таярлық көриў басқышы болып. Бул басқыш үш жылға жақын ўақыт даўам етеди.
Таярлық процессиндеги ең зәрүрли мәселе, халықты дизимге алыў процессинде белсенди қатнасыў бойынша халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў,реклама роликлери, логотип ҳәм уранлар ислеп шығыў ҳәм де халықты дизимге алыў бойынша норматив хүжжетлер, атап айтқанда дизимге алыў сораўнамалары, дизимге алыўды шөлкемлестирў ҳәм өткериў, оның нәтийжелерин алыў ҳәм жәриялаў методологиясын ислеп шығыў ҳәм де тағы басқа да сол сияқлы илажлар әмелге асырылады.
Екинши басқыш– тийкарғы басқыш болып. Бунда тиккелей дизимге алыў әмелге асырылады, яғный халық туўрысындағы мағлыўмат жыйналады, қадағалаў тексериў өткериледи ҳәм дизимге алыў материаллары тапсырылады. Усы процесс шама менен еки ай даўам етеди.
Республикамызда 2023-жылда өткерилетуғын халықты дизимге алыў илажы дәстурий усылда, яғный дизимге алыўшылар аймақларда үйме-үй жүрген ҳалда, жүзбе-жүз сәўбет тийкарында, қағаз формасындағы дизимге алыў сораўнамаларын толтырыў арқалы әмелге асырылады.
Соның менен бирге, Интернет тармағы арқалы халықты дизимге алыў мүмкиншилиги де жаратылады, яғный қәлеўшилер өзүйлеринен ямаса аралықтан турып, арнаўлы дәстүр жәрдеминде дизимге алыў сораўнамаларын толтырып дизимнен өтиўлери мүмкин болады.
Үшинши басқыш-дерлик үш жыл даўам етиўши соңғы басқышда алынған мағлыўматларды кодластырыў жәрдеминде анализ етилип, нәтийжелери рәсмий дағаза етиледи. Дизимге алыў процессинде топланатуғын статистикалық мағлыўматлар электрон мағлыўматлар системасына киритиледи.
Сол орындай айтып өтиў керек, халықымыз өзлериниң келешеги ушын бундай зәрүрли процесслерде белсенди қатнасыўлары керек болады.