Шавкат Мирамонович Мирзиёевтың 2021-жыл 20-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарында 1941-1945 жыллардағы “Екинши жер жүзлик урыс”тың ҳәр бир қатнасыўшысына, фронт арты мийнет ветеранларының шаңарақларына материаллық, мәнаўий ҳәм басқа түрдеги жәрдемлер көрсетиў мақсетинде тийисли министрликлер ҳәм мәкемелер, шөлкемлер және әскерий бөлимлер ўәкиллериy бириктириў ҳәм де усы тараўдағы инсанларды қутлықлаў және кеўиллерин көтериў мақсетинде олардың жасаў жайларына басшылардың барыўларын шөлкемлестириўди белгиленген еди. Усы қарарды орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги, сектор басшылары тәрепинен урыс жылларында фронт артында мийнет еткен 18 кексе ата ҳәм аналарымыздың үйлерине барылып, жай-жағдайлары үйренилип, оларға сый-саўғалар берилди. Илаж даўамында нураныйларымыз урыс дәўириниң машақаты, ғәресиз, абадан турмысымыздың келешек әўлад тәғдиринеде тутқан орны оғада әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети