Ана тилимизди қәстерлеў әдиўли миннет

14.04.2021 14:57:44 483 Баспаға шығарыў

Ана тилимизди қастерлеп, оны келешек әўладқа сап, таза ҳалында жеткериў бүгинги әўладтың әдиўли миннети болып есапланады. «Тилге итибар – елге итибар»,- дейди дана халқымыз. Сол айтқанындай ѳз ана тилин қәстерлемеген халық келешек әўлад алдындағы миннетин орынламаған болып, ол халықтың халық сыпатында ѳмир сүриўи гүман астында болады. Егер, тил тазалығы сақланбаса, оның сап ҳалында болыўына,  мǝдениятына ǝмел етилмесе, миллий мǝдениятқа дақ түседи, миллетке деген ҳүрмет пәсейеди. Соңғы жыллары елимизде ана тилимиздиң ǝҳмийетин жас ǝўлад санасына сиңдириў ҳǝм оны еле де беккемлеў бойынша ǝмелге асырылып атырған жумыслар кѳлеми тилге тийек  қылардай болып, бул жумысларды буннан былай да сол тақлетте алып барылыўына исенемиз.

Бул ислерге мысал ретинде ѳзбек ҳǝм қарақалпақ тиллериниң республикамызда ǝмел етилиўиниң ҳуқықый тийкарлары нызам менен белгилеп қойылған. «Мǝмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам үш принципке: улыўмалық, миннетлилик ҳǝм ҳуқықый кепилликке тийкарланады. Мǝмлекетлик тилдиң беккем ҳуқықый бийлиги белгилеп қойылғаны тилимиздиң бай имканиятларынан кең пайдаланыўға жетерли мүмкиншиликлердиң туўдырып, елимизде жасаўшы барлық миллет ўǝкиллериниң тиллери. үрп-ǝдет ҳǝм дǝстүрлерине ҳүрмет кѳрсетилиўи менен бирге, ѳзбек ҳǝм қарақалпақ тиллериниң еркин байланыста болыўына шараятлар жаратып берди ҳәм анна тилимиздиң абырайының еле де артыўына тийкар жаратыўы сѳзсиз.

Әсиресе, бул елде жасаўшы ҳǝр бир пуқара мǝмлекетлик тилге, ана тилимизге айрықша ҳүрмет кѳрсетиўи, оны сап, таза ҳалында келешек әўладқа жеткериў бәршемиздиң әдиўли миннетимиз екенлигин ҳәмийше есте сақлаўымыз шәрт.

Руслан ИСАКОВ,

Кегейли районы ҳǝкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нǝтижелигин асырыў мǝмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине ǝмел етилиўин тǝмийинлеў мǝселелери бойынша мǝслǝҳǝтшиси.

14.04.2021 14:57:44 484