Ўатансүйиўшилик ҳәр бир мәмлекет тарийхының руўхый тийкары ҳәм жәмийетти ҳәр тәреплеме раўажландырыў, ўатанға болған муҳаббат сезимин арттырыў, елимиз пәраўанлығы жолында гүрескен жерлеслеримизге жоқары ҳүрмет сезимлерин оятыў, мәртлик, қаҳарманлық туйғыларын қәлиплестириў бағдарындағы ең әҳмийетли күш сыпатында қәлиплескен. Мәмлекетимиз жасларын, өсип киятырған жас әўладларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў биз ушын әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Усы мүнәсебетте районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы районлық бѳлими, районлық Қорғаныў ислери бөлимлери биргеликте райондағы «Жүзимбағ» АПЖ аймағындағы 2- санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшы жаслар ҳәм аймақтағы жәмлеспеген жаслар менен жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша руўхый-ағартыўшылық илажы шѳлкемлестирилди. Илажда шығып сөйлеўшилер жасларда Ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин қәлиплестириў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўға, оларды ғалабалық мәденияттың унамсыз иллетлери тәсиринен қорғаўға, ўатанға садықлықтың жоқары қәдирият екенлигине бағдарланған пикирлерин билдирип өтти.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети