– Оның мазмунын терең түсинип, белгиленген реже тийкарында әдил жумыс алып барсақ, биз гөзлеген мақсетимизге жетемиз,-дейди Л.Сейтова өз сөзинде.

14.04.2021 15:55:37 452 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында жыйналыс болып өтти. Оған Кегйели районы ҳәкими Д.Утемуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты  Л.Сейтова ҳәм “Халқпарвар” комиссиясы ағзалары, район ҳәкимлигиниң жуўаплы хызметкерлери қатнасты. Мәжилисте тийкарынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы “Базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлерин ажратыў арқалы турақ жай менен  тәмийинлеўге байланыслы ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-6186-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң 2021-жыл 15-марттағы “Турақ жай қурылысы ҳәм ипотека базарын раўажландырыўға байланыслы тийкарғы ўазыйпаларды әмелге  асырылыўы үстинен парламент ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды күшейтиў ҳаққында”ғы КҚ-203-4 санлы Қарарының  әҳмийети кеңнен додаланды.

– Оның мазмунын терең түсинип, белгиленген реже тийкарында әдил жумыс алып барсақ, биз гөзлеген мақсетимизге жетемиз,-дейди Л.Сейтова өз сөзинде.

Сондай-ақ мәжилисте көрилип атырған  мәселе бойынша “Халқпарвар” комиссиясы ағзаларының пикир ҳәм усыныслары да тыңланып ислениўи  керек болған жумыслар ҳаққында жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети

14.04.2021 15:55:37 453