Миллий гвардияға жумысқа киргиземен деп пуқаралардың пулларын ѳзлестирген таўламашыға ҳүким оқылды

23.03.2021 15:01:40 652 Баспаға шығарыў

2020-жыл декабрь айының 28-күни жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды ѳз кеңсесинде, ашық суд мәжилисинде А.Н ҳүким оқыды.

Судланған А.Н алдын бир неше мәрте судланып, жазаны ѳтеп шыққан болсада, буннан ѳзине тийисли жуўмақ шығармастан, қәўипли рецидивист болған ҳалда, 2020-жыл март айында ѳзгениӊ мүлкин қолға киритиўди мақсет етип, Қараѳзек районы “Абай” кѳшеси 33-жайда жасаўшы пуқара Н.Д.Ины анасын үйиниң алдында майыплар арабашасында алып жүргенлигин кѳрип, оныӊ исенимине кирип, ѳзин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде ислеўши “Полат” деп таныстырып, оған жеӊилликли кредитке арзанластырылған турақ жай алып бериўди ўәде етип, алдап, Д.Н.дан бѳлип-бѳлип нақлай ҳәм пластик карта арқалы жәми 3.117.000 сўм пулларын алдаўшылық жолы менен қолға киритип ѳз мәплерине жумсап жиберген.

Буннан тысқары, А.Н ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, тәкираран, ѳзгелер мүлкин қолға киритиў мақсетинде 2020-жыл март айында Қараѳзек районы «Қараѳзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқара К.Нның исенимине кирип, ѳзин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде ислеўши “Полат” деп таныстырып, арзан баҳада солярка ѳнимин алып келип бериўди ўәде етип, алдап, К.Н.ның бѳлип-бѳлип нақлай ҳәм пластик карта арқалы жәми 7.500.000 сўм пулларын алдаўшылық жолы менен алып ѳз мәплери ушын ислетип жиберген.

Буннан тысқары, А.Н ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, тәкираран, Қараѳзек районы “Абай” кѳшеси 33-жайда жасаўшы пуқара Н.М.И исенимине кирип, ѳзин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде ислеўши “Полат” деп таныстырып, оған жеӊилликли кредитке арзанластырылған турақ жай алып бериўди ўәде етип, алдап, М.Н. дан бѳлип-бѳлип нақлай ҳәм пластик карта арқалы жәми 11.517.000 сўм пуллары ҳәм баҳасы 1.300.000 сўм болған “Samsung J-2” телефон аппаратын  алдаўшылық жолы менен қолға киритип, ѳз мәплерине жумсаған.

Сондай-ақ, А.Н бул ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, тәкираран 2020-жыл 4-июнь күни саат 1600лер шамасында, ѳзгениң мүлкин қолға киритиўди мақсет етип, Тахиятас районы “Найман” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқара К.Г.Б. пенен телефон арқалы сѳйлесип, ѳзин “Шуҳрат” деп таныстырып, оған 1 тонна солярка ѳнимин сататуғынлығын айтып, алдыннан танысы Р.П.Р ның жасап атырған Нѳкис районы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Узынкѳл массиви нѳмерсиз жайдыӊ мәнзилин берип, К.Г.Б. ѳзиниң иниси К.Ж.Б. пенен келгенинде, бул үй ѳзине тийисли екенлигин, Р.П. ѳмирлик жолдасы екенлигин айтып, олардан 1 тонна солярка ѳними ушын 4.000.000 сўм пулларын алып, ѳмирлик жолдасына санаў ушын беретуғынлығын айтып, алдап алып, үйден шығып кетип ўақыя жеринен жасырынған.

Буннан тысқары, А.Н ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, ѳзгелер мүлкин қолға киритиўди мақсет етип, тәкираран 2020-жыл 18-20-июнь күнлери Қоңырат районы К.Абдиров кѳшеси 16-жайда жасаўшы пуқара К.К.тың қол телефонына қоңыраў етип, ѳзин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде ислеўши “Махмуд” деп таныстырып, оған исбилерменлик пенен шуғылланыў мақсетинде қурылған қурылысы толық питпеген имаратына электр ҳәм газ тармақлары менен тәмийинлеп бериўди ўәде етип, оны алдап, бѳлип-бѳлип 10.000.000 сўм пуллары ҳәм 100 АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алып ѳзлестирген.

Буннан тысқары, А.Н буның менен шекленип қалмасдан, ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, тәкираран, 2020-жыл июль айында, ѳзгениң мүлкин қолға киритиў мақсетинде, Нѳкис қаласы К.Палманов кѳшеси 49-жайда жасаўшы пуқара К.Ж.У улының исенимине кирип, ѳзин Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясы орынбасары лаўазымында ислеўши “Шухрат” деп таныстырып, оны Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясына жумысқа жайғастырыўын айтып, рәсмийетшилик ушын оның паспорт, әскерий гүўалығы ҳәм басқа ҳүжжетлеринен кѳширмелер алып, Ж.К тан бѳлип-бѳлип жами 2.600.000 сўм пулларын алдаўшылық жолы менен қолға кириткен.

Буннан тысқары, А.Н ѳзиниң бул жынайый ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, тәкираран пуқара Ж.К. тан шахсын анықлаў имканияты болмаған шахс арқалы, Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясына жумысқа жайғастырыўын ўәде етип, белгили ҳәрекетти пара берген шахстың мәплерин гѳзлеп орынлаў есесине нызамға қайшы екенлигин биле тура, Ж.К ты пара бериўге үндеп, 2.600.000 сўм пулларын қолға кириткен.

Буннан тысқары, А.Н бул ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, тәкираран 2020 жыл июль айында ѳзгениң мүлкин қолға киритиў мақсетинде, Нѳкис қаласы К.Палманов кѳшеси 47-жайда жасаўшы пуқара С.А.Т. улының исенимине кирип, ѳзин Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясы орынбасары лаўазымында ислеўши “Шухрат” деп таныстырып, оны Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясына жумысқа жайғастырыўын айтып, ҳәрекетлерин жәнеде исенимли қылып кѳрсетиў ушын оның паспорт, әскерий гүўалығы ҳәм басқа ҳүжжетлеринен кѳширмелер алып, А.С тан бѳлип-бѳлип жәми 2.130.000 сўм пулларын алдаўшылық жолы менен қолға кириткен.

Буннан тысқары, А.Н ѳзиниң бул жынайый ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, тәкираран пуқара А.С тан шахсын анықлаў имканияты болмаған шахс арқалы, Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясына жумысқа жайғастырыўын ўәде етип, белгили ҳәрекетти пара берген шахстың мәплерин гѳзлеп орынлаў есесине нызамға қайшы екенлигин биле тура, А.С ты пара бериўге үндеп, оныӊ 2.130.000 сўм пулларын қолға кириткен.

Буннан тысқары, А.Н бул ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, тәкираран 2020 жыл 28 июль  күни ѳзгениң мүлкин қолға киритиў мақсетинде, Нѳкис қаласы Бердақ проект кѳшеси 8-жайда жасаўшы пуқара К.Х.Ф исенимине кирип, оған ѳзин Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясы орынбасары лаўазымында ислеўши “Шухрат” деп таныстырып, оны Қарақалпақстан Республикасы Миллий Гвардиясына жумысқа жайғастырыўды ўәде етип, алдап ҳәмде Х.Кты белгили ҳәрекетти пара берген шахстың мәплерин гѳзлеп орынлаў есесине нызамға қайшы екенлигин биле тура пара бериўге үндеп, оныӊ 900.000 сўм пулларын алған ўақтында Ѳзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы ЭЖҚГ Департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нѳкис қаласы бѳлими  хызметкерлери тәрепинен жынаят үстинде усланған

Суд судланған А.Н ның ѳзине қойылған айыпты қысман мойынлап берген кѳрсетпелерин ҳәм келтирген ўәжлерине Ѳзбекстан Республикасы ЖПКниң 95-статьясы тийкарында баҳа берип, оның кѳрсетпелери ҳәм келтирилген ўәжлерин истиң ҳақыйқый жағдайына туўры келмейтуғын, жынайый жуўапкершиликтен қутылыў мақсетинде қылынған ҳәрекет деп сын кѳз қарастан баҳалаўды лазым таўып. оған жаза түри ҳәм муғдарын тайынлаўда, Ѳзбекстан Республикасы ЖКнинг 55-56-статьялары талапларына әмел қылып, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суди Пленумының 2006 жыл 3 февралдағы “Судлар тәрепинен жынаят ушын жаза тайынлаў әмелияти ҳаққында”ғы Қарарындағы кѳрсетпелерден келип шығып, қылмысынан пушайманлығын, семья ҳәм материаллық жағдайын, жумыссызлығын, жазаны жеңиллестириўши жағдайлар деп баҳалап, оның алдын қасттан сәдир еткен жынаяты ушын бир неше мәрте судланғанынан кейинде аўыр жынаят сәдир еткенлигин жазаны аўырластырыўшы жағдайлар деп есаплаўды, соның менен бирге сәдир етилген қылмыстың жәмийетлик қәўиплилик дәрежесин, судланыўшының шахсын, келтирилген зыян муғдарын ҳәм истеги бәрше судланыўшының жуўапкершилигин жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайларды есапқа алып, айыплы деп табылмақшы болған статьялар санкциясы шеңберинде алты жыл мүддетге еркинен айырыў жазасын тайынлады ҳәм жазаны қатты тәртипли колонияда ѳтеўди белгиледи.

Сондай-ақ пуқараларға жеткерилиген материаллық зыянды судланыўшыдан ѳндириўди белгиледи.

 

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы                                          А.Аметов.

23.03.2021 15:01:40 653