Кегейли районы ҳәкимшилик-аймақлык дүзилиси мәселелери бойынша комиссиясының “Көкөзек” ҳәм “Ийшан қала” аўылларын дүзиў ҳаққындағы жуўмағы туўралы

23.02.2021 18:12:08 574 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигиниң ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша районлық комиссиясының жуўмағы тийкарында ҳәмде Кегейли районы “Жалпақ жап”, “Жүзим бағ” аўыл пуқаралар жыйынларының “Көкөзек” ҳәм “Ийшан қала” аўылларын дүзиў ҳаққындағы усынысларын инабатқа алып, сондай-ақ “Өзбекстан Республикасының ҳәқимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында”ғы ӨзбекстанРеспубликасы Нызамының 21-статьясы, “Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 9-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ  ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы қурамында Көкөзек” ҳәм “Ийшан қала” аўылларын дүзиў ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкимлигиниң ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша районлық комиссиясының ҳәмде Кегейли районы Жалпақ жап” ҳәм “Жүзим бағ” аўыл пуқаралар жыйынларының усыныслары мақуллансын.
  2. Кегейли районы:

“Жалпақ жап” аўылы қурамындағы “Ғарбызшы аўыл”, “Көп соқыр”, “Гулеке аўыл”, “Айтеке быйықсыйық”, “Қырық оймаўыт”, “Мәнжиўли аўыл”, “Айтеке шериўши”, “Аралбай аўыл”, “Назархан аўыл”, “Қәлли жағыс”, “Саңмурын қыпшақ”, “Бессары аўыл”, “Нанбай аўыл”, “Саймахан аўыл, “Аққудық” елатлы пунктлери бирлестирилип, улыўма майданы 165,1 кв.км. (16510 га) болған  “Көкөзек”  аўылы;

“Жүзим бағ” аўылы қурамындағы “Басар”, “Туўбай”, “Қызыл үй”, “Ийшан қала”, “Ешкили”, “Саңмурын”, “Бағлықытай”, “Естек”, “Айтеке-2”, “Ғарға түбек”, “Қаңлы”, “Қазақ аўыл”, “Жаман аўыл”, “Қазаяқлы”, “Қәлли жағыс”, “Айтеке-3”, “Қарасыйрақ” елатлы пунктлери бирлестирилип, улыўма майданы 86,32 кв.км (8632,5 га) болған “Ийшан қала” аўылы дүзилсин.

  1. Кегейли районы “Көкөзек” ҳәм “Ийшан қала” аўылларының шегараларының карталық сызылмасы тастыйықлансын. (қосымша қылынады)
  2. Кегейли районы “Жалпақ жап” аўылы қурамындағы “Ғарбызшы аўыл”, “Көп соқыр”, “Гулеке аўыл”, “Айтеке быйықсыйық”, “Қырық оймаўыт”, “Мәнжиўли аўыл”, “Айтеке шериўши”, “Аралбай аўыл”, “Назархан аўыл”, “Қәлли жағыс”, “Саңмурын қыпшақ”, “Бессары аўыл”, “Нанбай аўыл”, “Саймахан аўыл, “Аққудық” елатлы пунктлери аймақларынан пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларына ўәкил болып сайланған пуқаралар ўәкиллери- “Көкөзек” аўыл пуқаралар ўәкиллери болып;

“Жүзим бағ” аўылы қурамындағы “Басар”, “Туўбай”, “Қызыл үй”, “Ийшан қала”, “Ешкили”, “Саңмурын”, “Бағлықытай”, “Естек”, “Айтеке-2”, “Ғарға түбек”, “Қаңлы”, “Қазақ аўыл”, “Жаман аўыл”, “Қазаяқлы”, “Қәлли жағыс”, “Айтеке-3”, “Қарасыйрақ” елатлы пунктлери аймақларынан пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларына  ўәкил болып сайланған пуқаралар ўәкиллери – “Ийшан қала” аўыл пуқаралар ўәкиллери болып есапланыўы белгиленсин.

  1. Кегейли районы пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши районлық комиссияға нызамшылықта белгиленген тәртипте жаңадан дүзилген “Көкөзек”, “Ийшан қала” аўыллары пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы) сайлаўын өткериўди шөлкемлестириў иләжларын көрсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигине Кегейли районы “Көкөзек”, “Ийшан қала” аўылларының дүзилиўине байланыслы болған тийисли ҳүжжетлерди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усынсын.

Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Секретариат баслығы У.Утегеновқа жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы:                           Д.Утемуратов

23.02.2021 18:12:08 575