Жаслар машқалалары тыңланды

17.03.2021 13:45:26 705 Баспаға шығарыў

 

 

11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат бағдарындағы жумыслар нәтийжелигин арттырыў бойынша ушрасыў болып өтти. Ушырасыўға Олий Мажлис  нызамшылық палатасы депутатаы Ш.А. Рахманов, Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлигиниң биринши орынбасары Ш.Елмуратов, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң бөлим баслығы О.Юулдашев  ҳәм бир қанша жуўапкер шахслар қатнасты.

Мәжлисти Кегейли Районы ҳәкими Д.Утемуратов кирис сөзи менен ашып берди. Буннан соң Ш.рахманов тәрепинен Өзбекстан жаслары форумы ҳәм “Жаслар 1+1” бағдарламасының әҳмийети кең түрде жыйналғанларға түсиндирип берилди.  Сондай-ақ,  болып өткен ушырасыўда 23 жастың усыныс ҳәм мүрәжатлары тыңланды. Соннан 13 жастың исбилерменлик искерлигин баслаў ушын имтиязлы кредитлер алыў, 1 жастың жоқары оқыў орнына киргеннен соңғы   шәртнама төлемин төлеў  (контракт), 1 жастың мүддетли әскерий хызмет төлемин төлеп бериў  ҳәм басқа 8 ден артық мазмундағы мүрәжатлардың унамлы шешим табыўына тийкар жаратылды. Усы орынның өзинде мүрәжатлардың унамлы шешим табыўы ушын жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

 

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

17.03.2021 13:45:26 706