2021 жыл 10-март күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша Кегейли районы инспекциясы тәрепинен тараўға тийисли ҳүкиметлик қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары ҳаққында есабаты тыңланды.
Мәжилисте инспекция тәрепинен қоршаған орталықты қорғаў, табийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша нызам ҳүжжетлерине әмел етиў бойынша бир қатар қадағалаў иләжлары алып барылған. Өткерилген рейд иләжлары барысында бир нешше нызам бузылыўшылық фактлери анықланып, оларға жәми 17 млн. 840 мың сўм муғдарында жәриймалар салынғанлығы атап өтилиўи менен бирге инспекцияның жумысында бир қатар кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы өткир сынға алынды.
Буннан тысқары аймақларды абаданластырыў, бәҳәрги нәл отырғызыў жумысларын жеделлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Мәжилисте Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Секретариат баслығы У.Утегенов қатнасты ҳәм шығып сойледи.
Мәжилисте көрилген мәселе бойынша тийисли шешим қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети