Кегейли районы «Мәденият» МПЖ аймағындағы шаңарақ ҳәм үйлер дизимин қәлиплестириў бойынша жумыслар алып барылмақта

11.03.2021 08:45:01 1357 Баспаға шығарыў

Ҳәзирги ўақытта Кегейли районлық комиссиясы тәрепинен елатлы пунктлер дизими ҳәм шегараларын анықластырыў, елатлы пунктлердеги көшелердиң атлары ҳәм үй-жай номерлери көрсетилген көрсеткишлердиң барлығы, қала ҳәм районлардың схематик картасы ҳәм елатлы пунктлердиң схематик режелерин таярлаў, елатлы пунктлерде жасаўшы адамлар санын көрсеткен ҳалда шаңарақ ҳәм үйлер дизимин қәлиплестириў бойынша шөлкемлестирилген жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күнде Кегейли районының схематик картасы ҳәм елатлы пунктлердиң схематик режелери техник шәртлери тийкарында электрон түрде таярланды. Сондай-ақ, елатлы пунктлерде жасаўшылар санын көрсеткен ҳалда шаңарақ ҳәм үйлер дизими қәлиплестирилди.

Жоқарыдағылардан келип шығып, халықты дизимге алыўды өткериўге пухта таярлық көриў мәқсетинде Кегейли районын «Мәденият» МПЖ аймағында – елатлы пунктлердиң схематик режелерин техник шәртлерге толық уқсас түрде таярланды,  аймақлық бирликлер дизими ҳәм шегараларын анықластырыў жумыслары жуўмағына жеткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 26-август күнги  01-07/5-08/199-санлы тапсырмасын толық жуўмақлаў бойынша елатлы пунктлер ҳәм көшелерге атама белгилериниң орнатылыўын тәмийинлеў ҳәм  үй-жайлардың толық номерлери (табличка) орнатылыўын тәмийинлеў бойынша жәми 796 хожалықтан 682 хожалық номерлер менен толық тәмийнленип, 114 хожалықта номерлеӳ жумыслары, сондай-ақ, елатлы пунктлерде жасаўшы халық саны бойынша «Мәденият» МПЖ ҳәм статистика шөлкемлери мағлыўматлары ортасындағы айырмашылықларға анықлық киргизиў ўазыйпалары әмелге асырылмақта.

 

М.Бекмуратов, Кегейли районлық Статистика бөлиминиң баслығы.

11.03.2021 08:45:01 1358