РАЙОНЫМЫЗ ПУҚАРАЛАРЫ ѲТКЕН АЙДА ҚАЙСЫ ХЫЗМЕТ ТҮРЛЕРИНЕН КӨП ПАЙДАЛАНДЫ!

27.02.2021 09:27:19 687 Баспаға шығарыў

 Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға көрсетилген мәмлекетлик хызметлер анализ қылынғанда 2021-жылдың январь айы даўамында жәми 4846 мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болып, соннан ең көп көрсетилген хызметлер;

-Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қабыл қылыў бойынша – 555;

-Салық төлеўши физикалық шахсты есапқа қойыў, идентификация рақамын бериў – 207;

-Пуқаралардың жамғарып барылатуғын пенсия системасына есапқа қойыў – 342;

-Некеде дизимге алынғанлығы, некеде турмаслығы яки некеден ажырасқанлығы ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын арза бериў – 333;

– Электрон санлы имза (ЭРИ) –241;

-Судланбағанлық (яки судланғанлық) ҳаққында мағлыўмат алыў ушын арза бериў – 360;

-Пуқаралардың пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама алыў – 436;

-Наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы бойынша мағлыўматнама алыў – 349;

-Руўхый кеселликлер бойынша диспансер дизиминде турыўы яки турмаслығы бойынша мағлыўматнама алыў – 391.

Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры А.Дауекеев

27.02.2021 09:27:19 688