Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинин жигирма үшинши сессиясы

23.02.2021 13:53:59 672 Баспаға шығарыў

Камбағал шаңарақларға материаллық жәрдем көрсетиӯ ушын өз қәлеӯи бойынша 358 қәӯендерлер (кәрхана ҳәм жеке исбилерменлер) бекитилди.
Президентимиз айтқанындай, камбағал шаңарақлар ағзаларының дүнья қарасын өзгертип, бақымандалық кейпиятынан қутқарып, мийнет ислеп кетиӯге қәлиплестириӯ бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.
Бүгинги күнге шекем жәрдемге мүтәж шаңарақларға
721,5 млн. сӯмлық материаллық жәрдемлер көрсетилди, соннан
1400 шаңараққа 114 млн.сӯмлық азық-аӯқат өнимлери, 7 шаңараққа қарамал,
16 шаңараққа қой-ешки, 47 шаңараққа 104,8 млн.сӯмлық ыссыхана,
5 шаңараққа 650 мың сӯмлық парранда, 128 шаңараққа 100,0 млн сӯм қаржылай материаллық жәрдем ҳәм 21 шаңараққа 12 млн.сӯмлық басқада жәрдемлер көрсетилди.
«Темир даптер»де дизимде болған шаӊарақларға «Сахаўат ҳәм кѳмек» фонды есап бетиндеги 76 млн сўм муғдарындағы қаржыларды олардыӊ комунал ҳәм салықтан қарыздарлығы бойынша тѳлеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси басламасы менен «Темир даптер»де дизимде болған 40 шаӊараққа жәми 62 млн сўм муғдарында банк пластик карталарына пул қаржылары салып берилди.
Буннан басқа да район аймағындағы исбилерменлер ҳәм Халық депутатлары районлық Кеӊеси депутатлары тәрепиненде бир қанша азық-аўқатлық ѳнимлери ҳәм қаржылай жәрдемлер кѳрсетилмекте.
2020-жыл жуўмағы менен «Темир дәптер»ге киргизилген шаӊарақлар
56 шаӊарақты курады.
Сектор ағзалары ҳәм мәҳәлле хызметкерлери менен халықтыӊ жасаў шараяты үйренилип шығылғанда аўыр жағдайға түсип қалған 33 шаӊарақты
«Темир дәптер»ге киргизиў мүтәжлиги бар екенлиги анықланды.
Сектор басшылары тәрепинен район аймағында жасаўшы 3-сектор аймағынан 2 пуқара, 4-сектор аймағынан 1 пуқара жәми болып 3 пуқараға паспорт алыў ушын тѳлем тѳлеп бериў, 1-сектор аймағынан 1 пуқараға операция ушын қаржы ажыратыў, 3-сектор аймағынан 1 пуқараға контракт тѳлемин тѳлеп бериў усыныс етилген.

 

23.02.2021 13:53:59 673