Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинин жигирма үшинши сессиясы болып өтти

23.02.2021 13:36:10 376 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинин  жигирма үшинши сессиясы  болып өтти. Сессияға депутатлар, сектор баслықлары, мәкеме кәрханалардан жуўапкер басшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери  қатнасты.

Күн тәртибинде төмендеги;

 -«Жасларды қоллап-қуўатлаў-ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын шөлкемлестириў иләжлары ,

 -Кегейли районы ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша районлық комиссиясының «Ийшан қала», «Көкөзек» аўылларын дүзиў ҳаққындағы жуўмағы,

– Кегейли районында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери, әсиресе аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳалларды талқылаў,

 -“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 24-сентябрьдеги “Тәбийғий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў” жойбарын әмелге асырыўға тийисли ис-иләжлары ҳаққындағы ПҚ-4840-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты,

 – Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, мәҳалле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының   “Темир дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери туўралы есабаты,

 – Кегейли районлық мәҳалле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен район көлеминде “Ҳаяллар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери туўралы есабаты,

–  Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси жанынан эксперт топарын дүзиў,

– Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерде бос (вакант) турған директор лаўазымларына кандидатуралар усыныў,

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым турақлы комиссияларының қурамына өзгерислер киргизиў ,

 Кегейли районы ҳәкиминиң сессиялар аралығындағы қабыл етилген айырым қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелри көрип шығылды.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

23.02.2021 13:36:10 377