Бүгин Кегейли районы Мәденият орайында сектор басшыларының гезектеги қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўда сектор басшыларына район турғынлары өзлериниң пикир, усыныс ҳәм мүрәжатларын билдирди.
Ушрасыўда жуўапкерлер пуқаралардың, соның ишинде жасларға тийисли мүрәжатлардың унамлы шешилиўи бойынша алып барылып атырған жумыслар нәтийжелигин еле де арттырыў керек екенлигин мәлимледи.
Сондай-ақ бүгинги қабыллаўда бир неше пуқаралар өз машқалаларының унамлы шешим тапқаны ушын сектор басшылары ҳәм район ҳәкими Д.Утемуратовқа айрықша миннетдаршылық билдирди.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети