Бәршемизге белгили, мәмлекетимиздиң ҳәр бир саласында бир қатар кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, мәмлекетлик басқарыў уйымлары нәтийжелилигин асырыў, пуқаралардың ҳуқықы хәм еркинликлери, олардың нызамлы мәплерин
ҳәр тәреплеме қорғаў, әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралармызда мәмлекет сиясатына исеним руӯхын асырыў, социаллық өмирде жәмийетшилик қадағалаўынан нәтийжели пайдаланыў, халық денсаўлығын беккемлеў ҳәм басқада бир қатар кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Усындай нәўбеттеги үлкен қәдемлерден бири – 2021-жылға “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылы” атамасының берилиўи мүнәсибети менен ҳәзирде кең жәмийетшилик додалаўына қойылған мәмлекетлик Бағдарламасы жойбары есапланады.
Усы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған ҳәр бир мәселени кең жәмийетшиликке жеткериў, оның мазмун-әҳмийетин халыққа туўры халықшыл тилде түсндириў оғада әҳмийетли мәслелерден бири болып қалмақта.
Усы мәмлекетлик бағдарламаның 1-бағдарында мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысы системасын жетилистириўдиң баслы бағдарлары белгиленген болып, усы бағдар 19 бәнттен ибарат.
Усы бағдарда 7 норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары, 2 нызам жойбары, 2 Президент Пәрманы жойбарлары, 5 Президент қарары жойбарларын қабыл етиў, сондай-ақ, 3 ис-илажлар режелери ислеп шығыўы белгиленген.
Мәмлекетлик бағдарламаның 1-бағдарында төмендеги НОРМАТИВ-ҲУҚУҚЫЙ ҲҮЖЖЕТЛЕР ЖОЙБАРЛАРЫН ислеп шығыў нәзерде тутылған.
1) Нызам дөретиўшилиги искерлиги ҳәм нызамлар орынланыўын тәмийнлеў саласында Олий Мажлис палаталары ҳәмде мәмлекетлик басқарыўы ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары арасында өз-ара бирге ислесиўди еле де күшейттириў.
2) Мәмлекетлик басқарыў уйымлары искерлигин түп-тийкарынан жетилистириў.
3) Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери
ҳәм тапсырмалары орынланыўын қадағалаўдың жаңа системасын жолға қойыў.
4) Мәҳәлле институты искерлигин жетилистириў.
5) Мәмлекетлик уйымларында ашықлық ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў механизмлерин еле де жетилистириў.
6) Мәмлекетлик уйымлары қәрежетлери бойынша жәмийетшилик қадағалаўын күшейттириў.
7) Ҳәкимликлер тәрепинен “E-qaror” электрон системасы арқалы қарар қабыл етиў әмлеиятын жолға қойыў белгиленген.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының биринши бағдарында төмендеги нызам жойбарларын ислеп шығыў белгиленбекте.
1) Жергиликли атқарыў ҳәм ўәкилликли уйымлары искерлигин
түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында нызам жойбары.
2) “Бийпул юридикалық жәрдем ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыў.
Соның менен қатарда, төмендеги ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ЖОЙБАРЛАРЫН ислеп шығыў нәзерде тутылған.
1) Орта ҳәм төмен буўын басқарыў уйымларының искерлигин
түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында Президент қарары жойбары;
2) Мәмлекетлик пукаралық хызметинде кадрларды таңлаў, олардың маманлығын асырыў хәм искерлигин баҳалаў бойынша нәтийжели
ҳәм ашық системаны енгизиў.
3) Ҳаял-қызлардың жәмийет ҳәм мәмлекет басқарыўындағы статусын еле де асырыўға қаратылган бирден-бир система жаратыў.
4) Район бюджети қәрежетлерин қәлиплестириўде жергиликли халық ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасын тәмийинлеў.
5) Сөз еркинлигин тәмийинлеў ҳәм ғалаба хабар қуралларын
ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын ҳуқықый тийкарларды еле де күшейттириў.
Мәмлекетлик Бағдарламада ислеп шығылыўы көзде тутылған ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫ ЖОЙБАРЛАРЫ:
- Халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлары менен мүнәсибетке кирисиўинде бюрократиялық тосықларды түп-тийкарынан қысқарттырыў.
- Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң роли ҳәм әҳмийетин, социаллық белсендилигин хәм искерлигиниң нәтийжелигин асырыў.
Мәмлекетлик бағдарламада ислеп шығылыўы белгиленген ис-илажлар режесине төмендегилер киргизилген:
- Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери секретариатлары искерлиги нәтийжелигин асырыў әмелий ис-илажлары.
- 2. Бухара қаласында “Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық глобал шерикшилик” атамасында халықаралық форумын 2021-жыл 24-июнь сәнесинде өткериў ис-илажлар режеси.
- Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны көтериңки руўхта өткериў бойынша анық шараларды белгилеў нәзерде тутылған.
Усыннан мәмлекетлик бағдарлама жойбарында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалары орынланыўын қадағалаўдың жаңа системасын жолға қойыў нәзерде тутылмақта.
Усы мәселелер бойынша ҳәзирде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалары орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, орынлаў интизамын беккемлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы жойбары ислеп шығылған болып, усы ҳуқықый ҳүжжет жәмийетшилик арасында кең додаланбақта.
Пәрман жойбарында – Әдиллик министрлиги нызамлы искерлигине тосқынлық етиў ҳәм мәжбүрий болған көрсетпелер талапларын орынламаў, “Ijro.gov.uz” системасына зәрүр мағлыўматларды киргизбеў
яки Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери
ҳәм тапсырмаларын өз мүддетинде орынламаў яки сапасыз орынлаў жағдайлары бойынша лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери
ҳәм тапсырмаларын орынлаўшыларға жеткериў, түсиндириў, әмелиятта қоллаўға көмеклесиў ҳәм қадағалаў бойынша Әдиллик министрлиги ўәкилликлерин кеңейттириў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалары орынланыўын шөлкемлестириўде жәмийетшилик қатнасы ҳәм қадағалаўын кең жолға қойыў мақсетинде “жәмийетшилик еситиўлери” ҳәм “жәмийетшилик мониторинги” системаларын енгизиў ҳәм бул процессте пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, таллаўлар тийкарында мәмлекетлик уйымларының орынлаўға кесент беретуғын артықша ўазыйпа ҳәм функцияларын қысқарттырыў, ғалаба хабар қуралларында халыққа реформалар әҳмийети ҳәм нәтийжелерин жеткерип барыўға каратылған “Президент карарлары – өмирде ҳәм қадағалаўда” атамасында көрсетиў ҳәм басқа да шығыўлар шөлкемлестириў ситемасын жолға қойыў, мәмлекет уйымларындағы орынлаў сапасы ҳәм жағдайын ўәлаят, район ҳәм қала халық депутатлары Кеңеслеринде, республика дәрежесинде болса – Министрлер Кабинетинде ҳәр айда сын додалап барыў әмелиятын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Мағлыўмат сыпатында соны айтып өтиў мүмкин, 2010-2016-жылларда жылына орташа 121 ҳүжжет, 2017-2020-жылларда жылына орташа
456 ҳүжжет қабыл етилген болса, ақырғы 4 жылда ҳүжжетлер саны орташа 3,7 есеге асқан.
Ҳәзирде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қадағалаўға алынған 38 мыңан артық тапсырмалары бар болып, усыған альтернатив система қәлиплестирилип, мәмлекетлик уйымларының (62 ден) саны 36 ға (55%) асырылған. Ҳәзирде олардың саны 98ди қурайды.
Жойбарда Әдиллик министрлиги тәрепинен орынлаў мәселесинде пүткиллей жаңа система ислеп шығылмақта, яғный усы система төрт басқыштан ибарат “Нәтийжели орынлаў системасы” (Policy implementation) енгизиў усыныс етилмекте.
Усы системаның биринши басқышында – орынлаўды жойбар дәўиринде режелестириў.
Бунда, ҳүжжет жойбарлары “Жойбарда – әмелде” принципи тийкарында реал имканиятлар ҳәм орынламаў қәўипи терең анализ кылынды.
Халықаралық тәжрийбеде, мәселен АҚШта, Уллы Британияда
ҳәм басқа бир қатар раўажланған мәмлекетлерде ҳәр бир тапсырманың мақсети, қәўип-қәтерлери, баҳалаў өлшеми, күтилип атырған нәтийжеси белгиленеди. Әйне усындай талап халықаралық стандарт шөлкеми тәрепинен қабыл етилген “ISO 9001” халықаралық стандартында нәзерде тутылған.
Екинши басқышта – Әдиллик министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимшелери тәрепинен тапсырмалар орынлаў шөлкемлестириледи ҳәм бул процесске көмеклесиледи.
Әсиресе, тапсырмалардың мазмун-мәниси “пакет” принципи тийкарында жеткериледи, реформаларға қаратылған тапсырмалар бойынша инфографика, слайд, таллаў материаллар ҳәм видео сабақлар таярлап бериледи.
Орынлаўға көмеклесиўге әдиллик уйымларының бәрше ресурслары мобилизация етиледи.
Буннан тысқары, ҳәкимлер хәм басшы лаўазымына тайынланғанлар
орынлаў мәселелери бойынша ҳәптелик жаңа бағдарлама тийкарында оқытылады (мәмлекетлик басқарыў академиясы).
Ҳәр бир қабыл етилген ҳүжжетлердиң әҳмийети мәмлекетлик уйымларына, сондай-ақ, “мәҳәллебай” принципи тийкарында халықка жеткериледи.
Соның менен бирге, телевидение ҳәм радиоларда атқарыў интизамы мәселелери бойынша ҳәр 15 күнде тараў ҳәм аймақлар кесиминде “Президент қарарлары – өмирде ҳәм қадағалаўда” атамасы астында рубрикалар жолға қойылады.
Усы атамада сын додалаўлар менен бирге, қарарлар орынланыўы бойынша унамлы тәжирийбелер де кең жарытылады.
Механизм усыннан ибарат, ҳәр бир район кесиминде шерикшиликти жолға қойыў бойынша айлық ис-режелери тастыйықланады. Ҳәр бир қабыл етилген жаңа қарар ең әўеле аймақлық әдиллик уйымына келип түсиўи, бул барыста қайсы басшы не жумыс қылыўы кереклиги, жумысты қандай шөлкемлестириў зәрүрлиги толық көрсетиледи
ҳәм ҳәкимлерге орынлаў ушын киргизиледи.
Сондай-ақ, ҳәр айда орынларға шығып, қарарлар орынланыўы бойынша мәнзилли ҳәм тараўлық үйрениўлер өткерилиўи белгиленбекте.
Тийкарғы итибар – қарарлар орынланыўын шөлкемлестириўдеги системалы машқалаларды анықлап, олардың шешимлери бойынша анық усынысларды ислеп шығыў ҳәм шешиўге көмеклесиў.
Буннан тысқары, мәмлекетлик бағдарламада мәмлекетлик басқарыўы уйымлары искерлигин түп-тийкарынан жетилистириў бойынша
норматив-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Усы ҳүжжет жойбарында басқарыўда бир-бирин тәкирарлайтуғын ведомстволар, функциялар ҳәм бюрократиялық тосықларды
ҳәм мәжилисбазлықты қысқарттырыў, министрлик ҳәм ведомстволар исерлигинде қарар қабыл етиў процесслерин әпиўайыластырыў, санлы технологияларды кең енгизиў есабынан жумыс процесслерин оптималластырыў, жоқарыдағы шаралар нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыў хызметкерлери санының орташа 15 пайызға шекем оптималластырыў, министрликлерде искерлигин район, қала, аўыл
ҳәм мәҳәлле кесиминде режелестириў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Яғный, көрсетип өтилген мәселелерде мәмлекетлик басқарыўы саласында қағазбазлық ҳәм мәжилисбазлықларға қарсы усыныслар ислеп шығылған болып, жақында бюрократия бойынша қарар жойбары додалаўға қойылып, жоқары турыўшы уйымларға киргизилген.
Мәжилисбазлықлар — мәмлекет хызметшилериниң тийкарғы жумысынан шалғытып, ўақтын жойытыўға алып келеди.
Соның ушын Президент тапсырмасы тийкарында Әдиллик министрлиги мәжилислерин кескин қысқарттырыў, ўақытты қадағалаўға алыў, жыйналысларға аймақлардан қатнасыўшыларды қатнастырыў
ушын қатаң талаплар қойылатуғын ҳүжжет жойбары ислеп шығылды.
Мәмлекетимиздиң тийкарғы баслы жөнелислеринен бири – күшли социаллық қорғаў сиясатын әмелге асырыў есапланады.
Бул мәселеде бүгинги күнге шекем бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Усындай жаңа қәдемлерден бири – мәмлекетлик бағдарламасы жойбарында “Бийпул юридик жәрдем ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыў белгиленген.
Усы нызам жойбарында бийпул юридик жәрдем саласында халықаралық стандартлар ҳәм халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, кем тәмийнленген ҳәм басқа социаллық қорғаўға мүтәж болған пуқараларға бийпул юридик жәрдем көрсетиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлери, кем тәмийнленген ҳәм басқа социаллық қорғаўға мүтәж болған пуқаралар ушын жынайый, ҳәкимшилик, пуқаралық ислери бойынша мәмлекет тәрепинен бийпул юридик жәрдем алыў имканиятларын кеңейттириў, мәмлекет есабынан юридик жәрдем көрсететуғын адвокатларды электрон таңлаў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Жуўмақ қылып айтқанда, усы мәмлекетлик бағдарламасы жойбары додалаўында белсене қатнасып, усы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша өз пикир ҳәм усынысларыңыз бенен катнасыўға шақырып қаламыз.
С.Асанов, Кегейли районы Әдиллик бөлиминиң баслығы.