Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар

30.12.2020 11:16:41 1000 Баспаға шығарыў

Ҳүкиметимиз тәрепинен халқымыздың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў дәрежесин жақсылаў ҳәмде оларға жәнеде қолайлықлар жаратыў мақсетинде Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилмекте.

Атап айтқанда, солардан бири, буннан үш жыл алдын Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң шөлкемлестирилиўине тийкар болған Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги ПФ-5278-санлы «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түптен реформалаў ис-иләжлары ҳаққында» ғы Пәрманы жоқарыдағы сөзимиздиң айқын дәлийли есапланады.

Бул Пәрманға тийкар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилди.

Мине бүгин Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң шөлкемлестирилгенлигине де 3 жыл толды. Усы қысқа ўақыт аралығында Мәмлекетлик хызметлер орайлары халқымыздың шын мәнисинде исенимине айланып үлгерди. Усы 3 жыл даўамында бизиң Кегейли районы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен көплеген унамлы ислер әмелге асырылды. Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер саны 140 тан асты, соның менен бирге көплеген мәмлекетлик хызметлердиң көрип шығыў мүддетлери қысқартылып, мүрәжат етиўшилерден талап етилетуғын ҳүжжетлер саны  2 есеге қысқарды.

Атап айтқанда, орайымыз тәрепинен 3 жыл даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жәми 86 мың мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Соннан 1316 исбилерменлик субъектлери сыпатында яғный 447 юридик шахс сыпатында, 869 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилип,. соннан усы жыл яғный, 2020-жыл даўамында 37 500 мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, солардан 500 ден аслам юридик шахс ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Сондай-ақ, район орайынан алыс аймақларға шығыў арқалы пуқаралардың ўақытларын тежеў ҳәмде олардың узағын жақын қылыў, соның менен бирге имкәнияты шекленген пуқараларға қолайлықлар жаратыў, пуқараларымызға тараўымызға тийисли болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде олардың жасап турған орынларына барған ҳалда 3 жыл даўамында 8 мыңнан аслам көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, соннан усы жылда 2407 көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

Бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылатуғын мәмлекетлик хызметлердиң саны 140 тан асқан болса, бул көрсеткиш 2023-жылға шекем 400 ге жеткерилиўи режелестирилген. Орайымыз тәрепинен ҳәр бир хызмет түрин еледе әпиўайыластырыў ҳәмде жәнеде пуқараларымызға қолайлықлар жаратыў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасына турақлы түрде усыныслар берилип барылмақта.

Пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди өз мүддетинде ҳәм сапалы етип орынлаў биз орай хызметкерлериниң тийкарғы ўазыйпамыз ҳәм пуқаралар усы хызметлерден разы болса бизиң мақтанышымыз болып табылады.

 

А.Дауекеев
Кегейли районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы директоры

30.12.2020 11:16:41 1001