Судланғанлық яки судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнама алыўға өзгерис киргизилди

27.11.2020 16:46:47 1296 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў миллий системасын жедел раўажландырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы 2020-жыл 31-январдағы ПФ-5930-санлы Пәрманының 3-қосымшасына муўапық Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўди реформалаў бойынша жол картасы тастыйықланды.

Бүгинги күнде Пәрманға қосымша тастыйықланған жол картасында көрсетилген мәмлекетлик хызметлерге басқышпа-басқыш өзгерис ҳәм қосымшалар киритилип атыр.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 4-октябрдеги 797-санлы қарары менен тастыйықланған Судланғанлық ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентине өзгерис ҳәм қосымша киритиў бойынша Министрлер Кабинетиниң 364-санлы қарары қабыл етилди.

Бул қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан аймағында турақлы жасаўшы физикалық шахстың жеке идентификация номери бар болған шет ел пуқаралары ҳәмде пуқаралығы болмаған шахсларға Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы алдын судланғанлығы, жынайый жуўапкершиликке тартылғанлығы, реабилитация қылынбайтуғын тийкарларға көре жуўапкершиликтен азат етилгенлиги ҳалатына байланыслы мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиў тәртибин белгилейди.

Соның менен бирге Регламенттиң 6-бәнтинде, пуқаралар судланғанлық яки судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын арза бериўши яки оның жақын туўысқанлары (ата анасы, өмирлик жолдасы ҳәм балалары) арза бериўши атынан мүрәжат етиў ҳуқықына ийе, сондай-ақ  арза бериўши үшинши шахс мәпи ушын шәртнама (ордер) тийкарында адвокатлар тәрепинен мүрәжат етилгенде нотариал тастыйықланған исеним хат талап етилмейди.

Бул өз гезегинде пуқаралардың судланғанлық яки судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнаманың талап етилиўи пуқараларға қосымша әўерегершиликлердиң алдын алыўдан ибәрат.

 

Х.Нурымбетов, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги

Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы

27.11.2020 16:46:47 1297