Коррупция қәўипли иллет!

21.10.2020 12:33:12 779 Баспаға шығарыў

 

Ҳәзирги заман миллий ҳәм халық-аралық ҳуқықында көп қолланылатуғын атамалардан бири бул коррупция болып есапланады. Коррупция әлбетте бүгин пайда болған иллет емес, ол көп ўақытлардан берли ушырасып келмекте.

Коррупция бул жәмийеттиң түрли жоллар менен қысыўға алатуғын жаман ҳәм қорқынышлы иллет екенлиги, сондай-ақ ол демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарында зиян жеткеретуғын, инсан ҳуқықларының бузылыўына алып келеди.

Ҳүрметли  Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен “Жәмийетимизде коррупция, түрли жынаятларды пайда етиў ҳәм басқа ҳуқықбузарлық  ҳалатларына қарсы гүресиў, оларға жол қоймаў, жынаятқа жаза тайын екени ҳаққында Нызам талапларын әмелде тәмийинлеў бойынша анық иләжлар көриўимиз керек”, деп бийкарға айтылмаған.

Соннан келип шыққан ҳалда коррупцияға қарсы сиясатының мақсети – коррупция дәрежесин пәсейтиў ҳәмде пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекет ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин коррупция менен байланыслы қәўиплерден тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-май күнги Өзбекстан республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде реформалаў ис-иләжлары ҳаққындағы 5729-санлы Пәрманы қабыл етилип, Пәрманға тийкар 2019-2020 жылларда коррупцияға қарсы гүресиўдиң мәмлекетлик дәстүри, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелерара комиссиясының жаңаланған қурамы тастыйықланды.

Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Нызамының қағыйдаларын ҳәмде Пәрман талапларының нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға байланыслы ис-иләжларын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў мақсетинде Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша пуқараларға ҳәмде мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўши мәкеме, кәрхана ҳәм басқа да шөлкемлерде түсиник жумыслары алып барылмақта. Буннан тийкарғы мақсетимиз коррупция дәрежесин пәсейтиў ҳәмде пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекет ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин коррупция менен байланыслы қәўиплерден тәмийинлеўден ибарат.

Коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты – бул мәмлекеттеги коррупцияның алдын алыў, ол пайда болғанда оны жоқ етиў ҳәм шеклеў бойынша ҳәрекетлер ҳәм анық ис-илажлардың жыйындысы есапланады.

«Коррупция түсиниги латын тилиндеги «corruptio» сөзинен алынған болып, мазмуны «бузыў, сатып алыў» мәнисин береди ҳәм оның грамматик бир тамырлы мәниси және «коррузия» сөзи яғный «шириў» яки «тат басыў» деген мәнисинде береди. Соннан келип шығып бул сөздиң социяллык көриниси ҳәкимиятты бузыў, ширитиў арқалы сатып алыў» деген мәнисти береди. Миллий Нызамшылығымызда усы атаманың анык хуқықый тәрийпи жоқ, бирақ халық-аралық ҳуқықтың айрым бөлимлеринде атап айтқанда «Коррупция – пара алыў (өзине аўдырыў), мәмлекет ҳәм жеке меншик тараўында турақлы хызметке ийе болган шахс, әмелдар шахстың жеке меншик тараўында хызмет жүритиўши шахс яки ғарезсиз агенттиң өз хызмет ўазыйпасынан яғный усыған уқсас мүнәсибетлерден келип шығатуғын ўазыйпаларды бузатуғын сондай-ақ өзи яки басқа шахслар мәплери ушын ҳәр қандай формадағы абзаллықларға ийе болыў мақсетинде нәзерде тутылған ҳәрекет».

«Коррупция жеке мәплери жолында мәмлекет ҳәкимияты ўазыйпаларын аяқ асты қылыў. Коррупция ең алды менен шөлкемлескен жынайый структураларға көмекши болыў яки туўрыдан туўры жәрдем бериў ушын мәмлекет хызметиниң мүмкиншиликлеринен пайдаланыў болып табылады.

Жуўмақ орнында соны айтыўымыз мүмкин, коррупция қыйын социяллық ҳәдийсе болып, оған қарсы гүресиў ушын айрықша иләжларды қоллаўдың өзи аз. Сонлықтан, бул атамада комплекс ис-илажларды әмелге асырыў лазым. Соның ушында ҳәр биримиз жәмийетимиздиң, мәмлекетимиздиң раўажланыўына кери тәсир етип атырған коррупцияға қарсы гүресейик!

 

 

 

Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы  

 

 

 

21.10.2020 12:33:12 780