“Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында климатлық турақлылықты тәмийинлеў” жойбары шеңберинде, Кегейли районындағы 16 мектепке грант тийкарында ыссыханалар қурып берилди

02.10.2020 09:59:59 882 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағында Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 1 “Бəркамал əўлад” балалар метеби хызмет көрсетип келмекте.

2020-жылда Қарақалпақстан Республикасы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жойбары, Бейимлесиў қоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң “Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында климатлық турақлылықты тәмийинлеў” жойбары бойынша Кегейли районы аймағындағы Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплерине жойбар шеңберинде, Грант есабынан 16 улыўма орта билим бериў мектеплерине (1,2,3,4,5,8,9,10,14,19,21,22,38,55,41,33-санлы мектеплер) ени 6 метр, узынлығы 16 метр болған ыссыханалар қурылып берилди.

Улыўма орта билимлендириў мектеплерине қурылған парниклерге мектеп тәрепинен жуўапкер хызметкерлер бириктирилип, парник ишлерин егиске таярлаў жумыслары алып барылмақта. Парник ишлерине ислеў бериў, алып барылыўы тийис жумыслар бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми  Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен бириктирилген қәнигелерге семинар өткериў шөлкемлестирилген.

02.10.2020 09:59:59 883