ИМКАНИЯТЛАР ИСБИЛЕРМЕНЛЕР УШЫН

22.09.2020 14:33:39 633 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимизде елимиздиң абаданлығы, дастурханымыздың молшылығы, халкымыздын түрли тараўдағы турмыслык мүтәжликлерин тәмийинлеп, халыққа сапалы өнимлери менен хызмет көрсетип атырған исбилерменлеримиздиң саны күннен-кунге артып бармақта. Өйткени, елимизде олар ушын барлық қолайлы имканиятлар жаратылып, ҳәр тәреплеме коллап-куўатланбакта.

Районлык статистика бөлими тәрепинен дүзилген ис-реже бағдарламасында белгиленген уазыйпалар бойынша орынларда мәмлекетлик статистика органларының уазыйпалары, сондай-ак, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў бойынша әмелдеги ҳукыкый ҳүжжетлер ҳәм усы бағдарда қабыл етилген мәмлекетлик статистика комитетиниң ҳүжжетлери, исбилерменлик исине тосқынлық еткен, нызамсыз араласыў, жеке мулкдарлар ҳуқықларын бузганы ушын амелдеги нызам ҳүжжетлеринде белгилеп койылган жуўапкершилик шаралары бойынша тусиндириў жумыслары алып барылмакта. Районымызда мәмлекетлик статистика органлары тәрепинен исбилерменлик субъектлерин  ҳәр тәреплеме коллап-куўатлаў, оларға қолайлы шәраятлар жаратыў максетинде кабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманлары ҳәм ҳукимет карарларында белгиленген тапсырмалардың толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлық статистика бөлими тәрепинен анық уазыйпалар белгилеп алынды. Бугинги куде исбилерменлеримиз нызам шеңберинде ез жумысын алып барса, елимиздиң экономикалық раўажланыўында өзиниң белгили бир үлесин қосқан болады.

 

Кегейли районы Статистика бөлими баслығы:  М.Бекмуратов

22.09.2020 14:33:39 634