Кадастр тараўында айрым мәмлекетлик хызметлер көрсетиўге өзгерислер киргизилди

22.09.2020 13:14:29 857 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл   2-сентябрь күнги “Кадастр тараўында айрым мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында” ғы 535-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға тийкар төмендегилер тастыйықланды:

Көшпес мүлк объектине кадаср паспортын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти;

Арза бериўши кадастр паспортын алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (БИМХП) мәмлекетлик хызметтен электрон көринисте пайдаланыў ушын дизимнен өтеди.

Арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси-арза бериўши атынан сораўнама толтырады.

Сораўнамаға көшпес мүлкке болған ҳуқықларды тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи.

Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен арза бериўшиден усы бәнтте көрсетилмеген мағлыўматларды  ҳәмде басқа ҳүжжетлерди талап етиў қадаған етиледи.

Кадастр паспортын таярлаў объекттиң қурамалылығына қарап төмендеги мүддетлерде әмелге асырылады:

а) көшпес мүлк объектлериниң турақ жайға байланыслы бөлеги бойынша:

көпханалы үйдеги жай-3 жумыс күнине шекем;

жеке тәртиптеги турақ жай- 5 жумыс күнине шекем;

б) көшпес мүлк объектлериниң натурақ жайға байланыслы бөлеги бойынша:

улыўма майданы 100 кв.м. ге шекем-5 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 100 кв.м. де 1000 кв.м. ге шекем 7 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 1000 кв.м. ден 5000 кв.м. ге шекем-10 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 5000 кв.м. ден 15000 кв.м. ге шекем-15 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 15000 кв.м. ден 50000 кв.м. ге шекем-20 жумыс күнине шекем;

улыўма майданы 50000 кв.м. ден артық-25 жумыс күнине шекем;

ажратылған жер участкалары бойынша-3 жумыс күнине шекем.

Кадастр паспорты жоғалғанда, қағаз яки пластик көринисинде жаңа кадастр паспорты 2 жумыс күни ишинде бериледи.

Төмендеги жағдайларда кадастр паспортын рәсмийлестириў бийпул әмелге асырылады:

Көшпес мүлк объекти бойынша бирлемши кадастр топламы бар болып, өзгелестирилгенде яки объектте өзгерислер (реконструкция, қосымша ҳәм бөлек қурылыс) жоқ болғанда;

Көшпес мүлк объектиниң бир бөлеги өзгелестирилгенде объекттиң қалған бөлегине яки реконструкциясыз  түри өзгергенде;

Кадастр паспорты жойтылғанда (жарамсыз ҳалға келгенде ҳәм көшпес мүлк объекти көрсеткишлери өзгертилместен).

Усы ҳалларда кадастр паспорты 3 жумыс күни ишинде рәсмийлестириледи.

Көшпес мүлк объектлериниң нызам тийкарындағы ипотекасы ҳәм ипотека ҳаққындағы шәртнамаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти;

Усы регламент физикалық ҳәм юридикалық шахсларға көшпес мүлк объектлериниң нызам тийкарындағы ипотекасы ҳәм ипотека ҳаққындағы шәртнамаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң тәртибин белгилейди.

Ипотека ҳаққындағы шәртнама нотариал тәртипте тастыйықланыўы ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым.

Ипотека ҳаққындағы шәртнама мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап дүзилген деп есапланады ҳәм күшке киреди.

Ипотеканы мәмлекетлик дизимнен өткериў Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың реестрине тийисли жазыў киритиў жолы менен әмелге асырылады.

Арза бериўши ипотеканы мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын коммерциялық банклер ҳәм нотариал мекемелер арқалы Кадастрға сораўнама жибереди.

Сораўнамаға ипотека шәртнамасы қосымша қылынады.

Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының 1,25 есеси муғдарында жыйым өндириледи.

Кадастр сораўнама келип түскеннен соң 1 жумыс күни ишинде ипотеканы мәмлекетлик дизимнен өткереди, көшпес мүлк объекти бойынша ипотека шеклеўин әмелге асырады, QR-код (штрихлы код) қойылған реестрден көширмени электрон көринисте рәсмийлестиреди ҳәм коммерциялық банкке яки нотариал мекемеге жибереди.

Коммерциялық банклер ҳәм нотариал мекемелер Реестрден көширме келип түскеннен соң реал ўақыт режиминде оны арза бериўшиниң электрон мәнзилине жибереди яки оны ахборот-коммуникация системасы арқалы хабардар қылады.

Көшпес мүлк объектлерин ижараға бериў шәртнамаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти;

Усы регламент юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған көшпес мүлк объектлерин ижәраға бериў шәртнамаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртибин белгилейди.

Бир жылдан артық мүддетке дүзилген көшпес мүлк объектлерин ижараға бериў шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткериледи.

Арза бериўши шәртнаманы мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (БИМХП) мәмлекетлик хызметтен электрон көринисте пайдаланыў ушын дизимнен өтеди.

Арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси арза бериўши атынан сораўнама толтырады.

Сораўнамаға ижәра шәртнамасы қосымша қылынады.

Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының 1,25 есеси муғдарында жыйым өндириледи.

Арза бериўши мәмлекетлик дизимнен өткериў бас тартылған жағдайда 10 күн ишинде шәртнаманы дизимнен өткериў ушын жыйым төлеместен қайта мүрәжат қылыў ҳуқықына ийе.

Кадастр сораўнама келип түскеннен соң 1 жумыс күни ишинде  шәртнаманы мәмлекетлик дизимнен өткереди, шәртнама дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы QR-код (штрихлы код) қойылған Реестрден көширмени электрон көринисте рәсмийлестиреди ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.

Өзгениң жер участкасынан шекленген тәризде пайдаланыў ҳуқықы (сервитут) ҳаққындағы келисиўди мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти;

Усы регламент юридикалық ҳәм физикалық шахсларға көшпес мүлк ийеси қоңсы жер участкасының ийесинен, зәрүр ҳалларда болса-басқа жер участкасының ийесинен ҳәм өзгениң жер участкасынан шекленген тәризде пайдаланыў ҳуқықы ҳаққындағы келисиўди мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибин белгилейди.

Сервитут мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым ҳәм жер участкасы басқа шахсқа өткенде сақланып қалады.

Арза бериўши сервитутты мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (БИМХП) мәмлекетлик хызметтен электрон көринисте пайдаланыў ушын дизимнен өтеди.

Арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси арза бериўши атынан сораўнама толтырады.

Сораўнамаға сервитут яки судтың қарары қосымша қылынады.

Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының 1,25 есеси муғдарында жыйым өндириледи.

Кадастр сораўнама келип түскеннен соң 1 жумыс күни ишинде  сервитутты мәмлекетлик дизимнен өткереди, сервитут дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы QR-код (штрихлы код) қойылған Реестрден көширмени электрон көринисте рәсмийлестиреди ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары Реестрден көширме келип түскеннен соң реал ўақыт режиминде оны арза бериўшиниң электрон мәнзилине жибереди ҳәм арза бериўшини бул ҳаққында ахборот-коммуникация системасы арқалы хабардар етеди.

Пуқаралардың атында жеке турақ жай бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти. 

Усы регламент физикалық шахслардың республика көлеминде атында турақ жай бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама бериў тәртибин белгилейди (ҳуқық қорғаў органларының өз искерлигин әмелге асырыў жәраянындағы сораўнамалары буған кирмейди).

Арза бериўши мағлыўматнаманы алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (БИМХП) мәмлекетлик хызметтен электрон көринисте пайдаланыў ушын дизимнен өтеди.

Арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, Мәмлекетлик хызметлер орайы яки мәмлекет органы қәнигеси арза бериўши атынан сораўнама толтырады.

Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының  3 пайызы муғдарында (6690 сўм) жыйым өндириледи (ҳәр бир шахс ушын).

Кадастр сораўнама түскен ҳәм төлем әмелге асырылғаннан баслап 3 жумыс күни ишинде QR-код (штрихлы код) қойылған мағлыўматнаманы рәсмийлестиреди ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайларына жибереди.

 Кегейли районы Мәмлекетлик

хызметлер орайы бас қәнигеси Т.Утегенов

22.09.2020 13:14:29 858