Соңғы жылларда республикада барлық тараўда артықша бюрократик тосықларды жоқ етиў, ески, заман талапларына сай келмейтуғын тәртип қағыйдаларды жоқ етиў мақсетинде бир қатарис-иләжлар әмелге асырылмақта. Усындай ис-иләжлардың бири Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Баспахана ҳәм Полиграфия искерлигин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекет органын хабардар қылыў тәртиби ҳаққындағы» ғы 2020-жыл 22-июндағы 401-санлы қарары болып табылады.
Қарарға тийкар баспахана искерлигин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик органы 10 күнишинде юридик шахстың баслығы тәрепинен мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы хабардар қылынады.
Баспахана искерлигин баслағаны ҳаққында ўәкилликли мәмлекет органы Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ўәкилликли орган ортасында арнаўлы жаратылған система арқалы мекемелер хабардар етиледи.
Баспахана искерлигин жүритиў ушын алдын усынылған ҳәм әмел етиў мүддети питпеген лицензия ҳүжжети болған юридик шахслар ўәкилликли органды система арқалы өз искерлигин даўам еттирип атырғанлығыҳ аққында хабардар етиўи лазым.
Юридик шахстың атамасы, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы, сондай-ақ, қәнийгелесиўи ҳәм жайласқан жери (почта мәнзили) өзгерген жағдайда, хабардар етиўши 20 жумыс күни ишиндетийисли мағлыўматларды мәмлекетлик хызметлер орайына усынады.
Мәмлекетлик хызметлер орайлары хабардар етиўши тәрепинен усынылған мағлыўматларды сол күнниң өзинде мәмлекетлик реестрге тийисли өзгерислер киритиў ушын белгиленген тәртипте ўәкилликли мәмлекетлик органына автоматик көринисте жибереди.
Баспахана искерлигин баслағаны ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етпеў нызамшылықта белгиленген тәртипте юридик ҳәм физикалық шахслардың жуўапкершилигине себеп болады, баспахана искерлигин баслағаны ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик органды хабардар етиў ушын жыйым ҳәм мәмлекетлик бажы өндирил мейди.
Ўәкилликли мәмлекет органы хабарнамаларды есапқа алады ҳәм баспаханалардың мәмлекетлик реестрин жүргизеди. Мәмлекет реестринде төмендеги мағлыўматлар болыўы шәрт:
Салық төлеўшиниң идентификация номери;
Баспахананың толық ҳәм қысқартылған атамасы, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы;
Искерликти баслаған сәнеси ҳәм Реестр номери;
Баспахана искерлигиниң қәнийгелесиўи;
Почта мәнзили, телефоны ҳаққынд амағлыўматлар
Хабарнама қабыл етилген күни ўәкилликли мәмлекет органының жуўапкер лаўазымлы шахсы тийисли мағлыўматларды мәмлекет реестрине киритилиўин тәмийинлейди.
Баспаханалардың мәмлекет реестри ўәкилликли мәмлекет органының рәсмий веб-сайтына жайластырылады.
Полиграфия искерлигин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик органы 10 күн ишинде юридик шахстың баслығы яки жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы хабардар қылынады.
Полиграфия искерлигин баслағаны ҳаққында ўәкилликли мәмлекет органы Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ўәкилликли орган ортасында арнаўлы жаратылған система арқалы мекемелер хабардар етиледи.
Полиграфия искерлигин әмелге асырыўшы юридик шахстың атамасы, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы, сондай-ақ, қәнийгелесиўи ҳәм жайласқан жери (почта мәнзили) өзгерген жағдайда, хабардар етиўши 20 жумыс күниишинде тийисли мағлыўматларды мәмлекетлик хызметлер орайына усынады.
Полиграфия искерлигин баслағаны ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етпеў нызамшылықта белгиленген тәртипте юридик ҳәм физикалық шахслардың жуўапкершилигине себеп болады.
Ўәкилликли мәмлекет органы полиграфия искерлигин әмелге асырыўшы юридик шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мәмлекетлик реестрин жүргизеди. Мәмлекет реестринде төмендеги мағлыўматлар болыўы шәрт:
Салық төлеўшиниң идентификация номери;
Полиграфияның толық ҳәмқ ысқартылған атамасы, шөлкемлестириў-ҳуқықыйформасы;
Искерликти баслаған сәнеси ҳәм Реестр номери;
Полиграфия искерлигиниң қәнийгелесиўи;
почта мәнзили, телефоны ҳаққында мағлыўматлар.
Полиграфиялардың искерлигин әмелге асырыўшы юридик шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мәмлекет реестри ўәкилликли мәмлекет органының рәсмий веб-сайтына жайластырылады.
Бундай қарарлардың шығыўы баспахана ҳәм полиграфия тараўы ушын жаратылған жеңилликлердиң бири болып табылады.
Кегейли районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы қәнигеси Ж.Тулегенова